Хош хабар

Нөкис қаласы аймағындағы “Ақ қуў” комплексинде қурып питкерилген дүньядағы ең үлкен диаметрли қарақалпақ халқының миллий Қара үйиниң Гиннесстиң рекордлар китабына киргизилгенлиги мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Онда министрликлер, мәкеме, кәрхана, жәмийетлик шөлкемлердиң, жоқары оқыў орынларының басшылары, нуранийлер,  студент- жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи Т.Худайбергеновлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды бул тарийхый ўақыя менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёев жақында республикамызға сапары ўақтында усы комплексте шөлкемлестирилген қара үйлер көргизбесин көзден өткерген еди.  Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елиў гектардан аслам майдан абаданластырылып, көплеген қара үйлер қурылды. Ең үлкен қара үйдиң диаметри 42, бийиклиги 22 метрди қурайды. Соның менен бул жерде республикамызда жасап атырған бир қатар миллетлердиң ҳәм районлардың қара үйлери қурылған. Оларда туўысқан еллеримиздиң тарийхы, мәденияты ҳәм турмыс тәризи өзиниң көринисин тапқан. Ең баслысы бул жердеги қара үйлер, миллий кийимлер менен буйымлар туристлерде айрықша қызығыўшылық оятпақта.

Илаж соңында қарақалпақ халқының дүнья жүзиндеги ең үлкен миллий Қара үйиниң  Гиннесстиң рекордлар китабына киргенлиги ҳаққындағы сертификат салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.