Қәдирли ўатанласлар, ҳүрметли исбилерменлер, әнжуман қатнасыўшылары!
Өткен жылғы ушырасыўымызда гезектеги ашық сөйлесиўди Нөкис қаласында өткериўге келисип алған едик. Бүгин Ўатанымыздың арқа тәрепиндеги дәрўазасы болған Қарақалпақстанда сизлер менен ушырасып турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Кеше бул жерде жаңа-жаңа кәрханалар, билимлендириў ҳәм медицина дәргайлары, мәҳәлледеги өзгерислер менен таныстым. Бүгин мәмлекетимизде болып атырған кең көлемли өзгерислерди Қарақалпақстан мысалында анық көриў мүмкин.
Бүгин қандай қәўип-қәтерли ҳәм қурамалы заманда жасап атырғанымызды ҳәммемиз көрип турмыз. Соған қарамастан, экономикамыз турақлы өсип бармақта. Оны дүньядағы абырайлы халықаралық шөлкемлер, сырт елли жетекшилер тән алмақта. Жақында Халықаралық валюта қоры мәмлекетимиз жалпы ишки өними биринши мәрте 100 миллиард доллардан асқанын тастыйықлады.
Реформаларымыздың биринши күнлеринде-ақ сиз ҳүрметли исбилерменлер менен ийинлес болып, бәрқулла пикирлесип, биргеликте жумыс алып бармағанымызда, бундай нәтийже боларма еди? Жоқ, әлбетте.
Усындай жоқары шеклерге ерисиўде алдыңғы технологиялар тийкарында заманагөй кәрханалар ашып атырған, жүз мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратып атырған ҳәм дүнья базарларына жедел кирип баратырған сиз күш-ғайратқа толы исбилерменлердиң үлесиңиз шексиз екенин халқымыз жақсы биледи.
Раўажланған мәмлекетлерде өз бизнесин жолға қойған, үлкен-үлкен нәтийжелери менен елимиздиң атын сырт еллилерге танытып атырған көплеген ўатанласларымыз бар. Бүгинги ушырасыўымызда да 40 тан аслам мине, усындай ўатансүйгиш, исбилермен бизнес ўәкиллерин көрип қуўандым.
Кеше ғана алдыңғы бизнес ўәкиллеринен 37 син орден ҳәм медальлар менен, 104 ин «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықладық.
Пурсаттан пайдаланып, Ўатанымыздың усындай жоқары сыйлықларына ерисип атырған барлық исбилерменлеримизди қызғын қутлықлайман!
Бәрше-бәршеңизге пидәкерлик мийнетиңиз ушын өзимниң атымнан, пүткил халқымыздың атынан шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен!
Сизлер жаңалық жаратыўдан, баслама көрсетиўден шаршамаң. Сизлерди қоллап-қуўатлаўға, және де қолайлы шараятлар жаратып бериўге мен бәрқулла таярман!
Ҳүрметли исбилерменлер!
Бул ретки ашық сөйлесиўимиз жыл даўамында даўам етти, десек дурыс болады. Президенттен баслап Бас министр, Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, ҳәкимлер, Саўда-санаат палатасы, бизнес омбудсман – ҳәмме-ҳәмме басшылар жыл бойы исбилермен менен турақлы сөйлесиўде болды.
Тастыйықланған режеден тысқары, исбилерменлер көтерген 700 ден аслам мәселе, баслама ҳәм жаңа жойбарлар қоллап-қуўатланды, 8 триллион сум қосымша қаржы ажыратылды.
Санаат, аўыл хожалығы, хызметлердиң раўажланыўы, исбилерменлик инфраструктурасы ушын және 18 триллион сум қаратылды. Ең әҳмийетлиси – мәҳәлледеги микро жойбардан баслап, мега жойбарға шекем қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система жолға қойылды.
Берилип атырған имканиятлар есабынан не өзгерди? Мине, мына санларға итибар бериң.
Бурын кредит, базар табыў, инфраструктура менен байланыслы машқалалар, тынымсыз, «тексер-тексерлер» себепли 60 процент жаңа исбилерменлердиң жумысы биринши жылдың өзинде-ақ тоқтап қалатуғын еди.
Ҳәзир не? Бүгинги күнге келип, үш жылдан артық жумыс ислеп атырған кәрханалардың үлеси 76 процентти қурап, биринши мәрте 300 мыңға жетти. Және 100 мыңнан аслам сондай жеке тәртиптеги исбилерменлер бар.
Быйылдың өзинде исбилерменлердиң товар айланысы өткен жылға салыстырғанда 25 процентке көбейип, 986 триллион сумға жетти. Жыллық айланысы 10 миллиард сумнан 100 миллиард сумға шекем болған кәрханалар 2 есеге көбейди. Айланысы 100 миллиард сумнан артық ири кәрханалар болса 2 мың 200 ден асты. Бул да – өткен жылға салыстырғанда 2 есеге көп болды.
Салық, банк, қаржы, пүткил экономика комплексин «мәҳәлле» кесиминде ҳәм «қарыйдар кесиминде» ислесиўге үйреткенимиз нәтийжесинде алдын зыян менен ислеген 16 мың кәрхана ярым жылда 6,5 триллион сум пайдаға шықты.
Ҳәзирги күнде 100 ден аслам жумысшысы бар кәрханалар 3 мыңға шамаласып, олардағы жумыс орны бир жылда 440 мыңға көбейди. Бул кәрханалардағы жумысшылар саны 1,7 миллионға жетти.
Жеке меншик секторда 5 миллион сумнан көп мийнет ҳақы алатуғын жумысшылар 1 миллионнан артты. Соннан 370 мыңы 10 миллион сумнан зыят мийнет ҳақы алады.
Олар неден дәрек береди? Исбилерменлеримиз «саяда» ислеўге қарағанда, нызамлы жумыс, саламат бәсекини пайдалы, деп билмекте.
Басқа бир мысал. Исбилерменлик рейтингинде «А» ҳәм «Б» – жақсы категорияға кириўши кәрханалар 91 мыңға көбейди, және 170 мың кәрхана «Д» – ең жаман категориядан шығарылды.
Соның есабынан, салық тексериўлери өткен жылға қарағанда 2 есеге – 85 мыңнан 48 мыңға шекем, соның ишинде, камерал тексериўлер 3 есеге – 38 мыңнан 12 мыңға қысқарды. Бул дәўирде ири салық төлеўшилердиң түсимлери 10 процентке, ўәлаят дәрежесиндеги кәрханаларда 25 процентке, район исбилерменлери төлеп атырған салықлар 40 процентке өсти.
Не ушын бул санларды айтып атырман?
Себеби, «тексерсе-қорқады, қорықса-салық төлейди», деген көзқарас пенен жумыс жүрмейтуғынын ҳәмме, әсиресе, салықшылар түсинип жетти. Әпиўайы етип айтқанда, лаўазымлы шахсларды исбилермен «сиз» деп сөйлесиўге үйретип, бизнес орталығын жақсылаў бойынша түпкиликли бурылыс жасадық.
Алты айда тиккелей сырт ел инвестициясының көлеми өткен жылға салыстырғанда 2 есеге өсип, 14 миллиард долларға жетти. Бул – инвесторлардың Өзбекстанда бизнес ислеўге исениминиң артып атырғанынан дәрек береди.
Әзиз ўатанласлар!
Ҳәзир айтылған санлардың ҳеш бири 33 жыллық тарийхымызда болмаған. Булардың барлығы сегиз жыл алдын сизлер менен өз-ара исеним тийкарында баслаған реформаларымыздың биринши жемиси!
Еле имканиятларымыз буннан бир неше есе көп. Ең әҳмийетлиси, оларды иске қоса алатуғын сизлердей ўатансүйгиш ҳәм жанкүйер исбилерменлеримиз бар.
Халқымыздың саны 38 миллионға щамаласып бармақта, олардың дәраматы да күннен-күнге көбеймекте. Қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланысларымыз мисли көрилмеген дәрежеге шықты. Мәмлекетимиз жергиликли кәрханалар ушын да, сырт ел компаниялары ушын да үлкен базарға, региондағы санаат хабына айланып үлгерди.
Ҳәзирги қыйын шараятта барлық мәмлекетлер өз елиндеги ислеп шығарыўшыларды қорғаўды баслы бағдар сыпатында көрмекте. Биз де бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў бойынша исбилерменлеримизди және де кеңнен қоллап-қуўатлаймыз.
Бүгин де исбилерменлик ушын қосымша шараятлар жаратыў бойынша әҳмийетли жаңа басламалар менен ортақласпақшыман.
Биринши бағдар – киши ҳәм орта бизнес ушын қаржы ресурсларын көбейтиў.
Өткен жылы киши ҳәм орта бизнести қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын жаңа система енгиздик. Бул бағдарда Бизнести раўажландырыў банки ҳәм Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы шөлкемлестирилип, жылдың басынан 35 мыңнан артық исбилерменлерге орташа 100 миллион сумнан жәми 3,5 триллион сум микрокредитлер ажыратылды.
Буннан тысқары, «Бизнеске биринши қәдем» бағдарламасы бойынша исбилерменликти енди баслап атырған 115 мың халыққа 1 триллион сумлық микроқарызлар берилди.
Бул тәжирийбе өзиниң нәтийжесин көрсетти ҳәм оны және де кеңейтемиз.
Бириншиден, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўда барлық банклер ҳәм микроқаржы шөлкемлериниң қатнасыўы мүмкин болады.
Мәселен, 100 миллион сумға шекемги микрокредит тек ғана 9 процент исбилерменлердиң мүтәжлиги ушын жетерли екенлиги мәлим болды. Соның ушын, микрокредитлердиң муғдары 3 есеге арттырылып, 300 миллион сумға жеткериледи. Онда кредиттиң 100 миллион сумға шекемги бөлегине гиреў талап етилмейди. Бул мақсетке бир жылда 10 триллион сум бериледи.
Енди Исбилерменлик компаниясының филиалы ҳәр бир ўәлаятта шөлкемлестириледи. Компания оның филиаллары аймақларда потенциалы бар исбилерменлерди анықлайды. Компания кепилликлери жақсы кредит тарийхы ҳәм жоқары турақлылық рейтингине ийе исбилерменлерге бериледи.
Енди исбилерменлердиң банктеги 200 миллион сумға шекемги қаржылары кепилленеди. Бул – мәмлекет исбилерменлер есап бетиндеги 7 триллион сум қаржы менен байланыслы қәўип-қәтерлерди өз мойнына алады, дегени.
Екиншиден, хабарыңыз бар, микроқаржы базары ушын жол ашып берилди. Мәселен, өткен жети айда 91 микроқаржы шөлкеми 6,6 триллион сумлық қаржы хызметлерин көрсетти ҳәм жылдың ақырына шекем бул сан 12 триллион сумға жеткериледи.
Биз микроқаржы хызметлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды даўам еттиремиз. Оларға усы жылдағы 1,6 триллион сумға қосымша 1 триллион сум ресурс ажыратылады.
Буннан тысқары, Микрокредитбанк те өзиниң микроқаржы шөлкемлери арқалы жылдың ақырына шекем және 1 триллион сум тарады.
Соның менен бирге, устав капиталы кеминде 50 миллиард сум болған микроқаржы банклерин шөлкемлестириўге рухсат бериледи. Бул банклер кредит портфелиниң кеминде 70 проценти киши ҳәм орта бизнести қаржыландырыўға қаратылады. Микроқаржы банклери исбилерменге 5 миллиард сумға шекем кредит береди.
Олар халықтан 200 миллион сумға шекемги аманат тартыўы мүмкин болады. Сондай-ақ, микроқаржы шөлкемлери ушын қосымша имканиятлар жаратылады. Бул шөлкемлер тәрепинен исбилерменлерге сырт ел валютасында хызмет көрсетиў ҳәм лицензия тийкарында төлем шөлкеми сыпатында жумыс алып барыўға рухсат бериледи.
Үшиншиден, ҳәзир көп экспортшылар ири сырт ел саўда тармақларына 3-4 ай кешиктирип төлеў шәрти менен өним жеткерип бермекте. Үзликсиз өндирис ушын кәрханаларда айланыс қаржыға талап артпақта. Бирақ, барлық исбилерменде де жаңа кредит алыў, оның ушын гиреў табыў имканияты жоқ.
Онда, исбилерменнен гиреў талап етилмейтуғын ең қолайлы қурал бул – факторинг.
Экспортшылар ҳәзир валютада факторинг алыў ушын сырт ел банклери хызметинен пайдаланып киятырғанынан хабарым бар.
Халықаралық финанс корпорациясының мағлыўматларына бола, мәмлекетимизде 10 миллиард доллардық факторинг хызметине талап бар. Ҳәзир бул хызметти тек ғана банклер, микроқаржы шөлкемлери көрсетпекте. Соның ушын өткен жылы тек ғана 578 миллиард сумлық факторинг хызмети көрсетилген.
Өткен ҳәптеде факторинг базарын раўажландырыў бойынша пәрманға қол қойдым. Буннан былай банк болмаған жаңа институт – факторинг шөлкеми ушын жол ашылады.
Олар сырт ел валютасында да хызмет көрсетиўи мүмкин болады. Бул процессте қатнасатуғын банк, микроқаржы, факторинг шөлкеми ҳәм исбилерменлер пайдаланатуғын айрықша электрон платформа иске қосылады. Яғный, исбилермен оннан өзине қолайлы қаржы өнимин таңлаў имканиятына ийе болады.
Улыўма, факторингти ғалаба ен жайдырыў есабынан исбилерменлерге айланыс ушын 20 триллион сум, экспортшы кәрханаларға 1 миллиард доллар қосымша қаржы ресурслары пайда болады.
Төртиншиден, өткерилген сораўда исбилерменлердиң 38 проценти ислам қаржысы тийкарында ресурс алыў тилегин билдирген. Өткен айда микроқаржы шөлкемлерине исламий шәртлер тийкарында хызмет көрсетиўге рухсат берилди.
Ҳәзир жаңа нызам жойбары таяр болды. Парламентимиз ағзаларынан жойбарды тез мүддетте көрип шығыўын сораймыз. Оннан кейин, ислам қаржысы менен банклер де ислесиўи мүмкин болады.
Бундай жаңа қарыжылай хызметлер берилиўи көп инвесторлар кирип келиўи ҳәм 5 миллиард долларлық қосымша ресурс пайда болыўына түртки береди.
Бесиншиден, 9 мәмлекет банки берген кредиттиң 92 триллион сумы ямаса 30 проценти 10 ири мәмлекет кәрханасына туўра келеди.
Биз ири кәрханаларды трансформациялап атырмыз. Оларды қаржы базарларына еркин шығып, өзи қаржы тартыўға үйретип атырмыз. Мәселен, «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети, «Өзавтосанаат» акционерлик жәмийети 1 миллиард доллардан артық евробронларды шығарды. Наўайы кән-металлургия комбинаты да шеттен өзи мине, усындай қаржы алып келиўге таярлық көрмекте.
Енди мәмлекет тартқан қаржыларды ири кәрханаларға бериў әмелиятынан басқышпа-басқыш ўаз кешемиз. Бундай қаржыларды бериў еки жыл ишинде кеминде 40 процентке қысқарады. Банклер оның есабынан кеминде 30 триллион сумды жеке меншик бизнеске бағдарлайды.
Екинши бағдар – бизнести инфраструктура, жер ҳәм энергия менен тәмийинлеў.
Ашық сөйлесиў шеңберинде келип түскен 11 мың мүрәжаттен 2 мыңы жер ҳәм инфраструктура менен байланыслы. Орынларда өткерилген сораўда да 55 процент исбилермен электр энергиясы, газ тәмийнатында, тармаққа жалғаныўда машқала бар екенлигин айтқан.
Билесизлерме, мәмлекетимиздеги 44 миллион 800 мың гектар жердиң базар баҳасы есапланса, халық ҳәм исбилерменлерде қаншадан-қанша «экономикалық актив» пайда болады.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде жер ҳәм мүлкке қатнасларымыз пүткиллей өзгерди, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў бойынша үлкен әмелий жумыслар исленди. Бирақ жерден инвестиция сыпатында пайдаланыў системасы еле арқада. Атап айтқанда, Ташкент қаласы районлары ҳәм Бухара ўәлаятында бул мәселе исбилерменлер, район ҳәкимлери менен көп додаланды. Ҳәзир бул мәселениң шешимлерин айтып өтпекшимен.
Бириншиден, жер базарының қәлиплесиўи тәсиринде жаңа инвестиция жойбарларында жер сатып алыў қәрежетлери кескин артпақта. Инфраструктура жоқ орынларда да 1 гектар жердиң басланғыш баҳасы 500-600 миллион сум, санаат ушын қолайлы аймақларда 4-5 миллиард сумға шығып кетти. Исбилермен жерге бунша үлкен қәрежет жумсағаннан кейин қурылыс, техника ҳәм үскенеге қаржысы жетпей қалады.
Енди исбилермен аукционнан жер сатып алғанда, оған қосымша қун салығын есаплаў бийкар етиледи.
Айырым аймақларда аукционда алынған жер ушын төлемди бөлип-бөлип төлеў (2 жылдан 7 жылға шекем) системасын енгизген едик. Ендигиден былай Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайларында сатылған жер бойынша сатып алыў суммасын үш жылға шекем, қалған аймақларжа бес жылға шекем, 4- ҳәм 5-категория районлар ушын болса он жылға шекем бөлип-бөлип төлеўге рухсат бериледи.
Келешекте исбилерменлер дәрриў төлеп таслайман десе, оның ушын 20 процентке шекем шегирме бериледи. Бундай тәртип имарат ҳәм объектлерди меншиклестириў процесинде қолланылмақта.
Сондай-ақ, ири жойбарларды әмелге асырыў процесинде жердиң баҳасын исбилермен устав фондына мәмлекетлик үлес сыпатында киргизиў мүмкин болады. Исбилермен қәлеген ўақытта бул үлести өзи сатып алыўы мүмкин. Бул арқалы усы жылдың өзинде исбилерменлер еркинде 3 триллион сум қалады.
Екиншиден, қаншадан-қанша исбилерменлер жери жоқлығы ушын жаңа жойбарларды әмелге асыра алмай атыр. Керисинше, «аукционнан сатып алдым, енди мениң мүлким» деп, жерди қараўсыз таслап қойған «шеберлер»де көп.
Жер – ең шекленген ресурсымыз ҳәм ол бәрқулла экономикалық пайда келтириўи керек. Соның ушын, жаңа жерлерди ажыратыўда имаратларды жойбарлаўдан объектти тапсырыўға шекемги мүддетлер мәжбүрий көрсетиледи.
Онда қурылыс дәўиринде жер салығы бойынша 50 процент жеңиллик бериледи (ўәлаят орайларынан тысқары), қурылысқа рухсат алыў мүддети мәмлекетлик уйымның айыбы менен өткерилип жиберилсе, қурылыс ўақыты усы мүддетке создырып бериледи. Қурылыс жумыслары мүддетинде болмаса, жер суд арқалы қайтарып алынады ямаса басқа исбилерменге сатылады.
Үшиншиден, аўыллық ҳәм аўыллық емес жерлерде жер фонды шеңберинде бир жумыстан басқасына өзгертиў тәртиби анық белгиленбеген. Мәселен, бағ орнында ыссыхана шөлкемлестиремен деген исбилермен жумысты неден баслаўды, кимге мүрәжат етиўди билмейди. Ямаса исбилермен өзиниң бағында тамшылатып суўғарыў ушын ҳәўиз, киши сыйымлылықтағы сайлап алыў ҳәм сақлаў қоймаханасын қура алмайды.
Соның ушын, ҳәр бир жер участкасы ушын тийкарғы жумыс түрин қайсыларына алмастырыў мүмкин екенлиги, қандай жәрдемши объектлерди жайластыра алыўы анық белгилеп бериледи.
Оның ушын 1-январьдан жер участкалары ҳәм капитал қурылыс объектлериниң бирден-бир классификаторы енгизиледи.
Мине, усы, жаңалық есабынан исбилерменлер бир жылда өз жерине 800 миллиард сумлық инвестиция киргизеди.
Булардан тысқары, шарўашылық, балықшылық, пал ҳәррешилик, пиллешилик тараўлары, мийўе-овощты қайта ислеўшилерге олар жайласқан имаратлар астындағы жерлери ушын санаат категориясы ставкасында жер салығы есапланбақта. Аўыл хожалығы жерлери ушын гектарына орташа 500 мың сум, санаат жерлери ушын аймағына қарап 27 миллион сумнан 44 миллион сумға шекем салық есапланбақта. Классификаторды енгизиў арқалы олар да аўыл хожалығы жерлери сыяқлы салық төлеўге өтеди.
Бул арқалы тек ғана мүрәжат еткен 795 исбилерменниң емес, ал барлық 103 мың аўыл хожалығы кәрханаларының мәселеси шешиледи.
Төртиншиден, барлық санаат кәрханалары электр ҳәм газ бойынша орнатылған лимит асып кетсе, төлем 2 есеге көп өндирилип атырғанынан наразы болмақта.
Санаатымыздың өсиўине тәсир ететуғын бундай шеклеўлер қысқартылады. Енди электр ҳәм газден пайдаланыў лимиттен 20 процентке шекем асып кетсе де, базалық тариф сақланып қалады. Егер пайдаланыў 20 проценттен өтип кетсе, асқан төлем 20 процентке қымбатласады.
Исбилерменлик рейтингинде «жоқары», «орта» категориядағы кәрханаларға электр ушын алдыннан төлемди бир айда екиге бөлип төлеўге рухсат бериледи.
Бюджеттен, кредит төлеминен ҳәм басқа да хызметлер бойынша қарызы бар исбилерменлердиң есап бетине «инкассо» қойылғаны ушын олар электр, газ ҳәм суў ушын төлем ете алмай атыр. Өндирис тоқтамаса, қарыздарлық тезирек үзиледи.
Енди «инкассо» қойылған жағдайда да коммуналлық хызметлер ушын төлемлер тоқтатылмайды.
Үшинши бағдар – ишки базарда теңдей бәсеки орталығын жаратыў, сыртқы базарларға шығыў имканиятларын кеңейтиў.
Усы жылдың жети айында экспортымыз 13 процентке өсип, 10 миллиард доллардан асты, бурын экспорт етилмеген 1 мың 610 кәрхана сыртқы базарларға шықты. Бундай кәрханалардың саны 6 мыңнан асты.
Биз жергиликли кәрханалардың сыртқы базарға шығыўын қоллап-қуўатлаўды избе-из даўам еттиремиз.
Бириншиден, Жәҳән саўда шөлкемине 2026-жылы ағза болыў бойынша үлкен қәдемлер қойылмақта. Бул шөлкемге кириў – терең ойланған ҳәм узақты гөзлеген таңлаў, қалаберди, реформаларымыздың ажыралмас бир бөлеги.
Бирақ айырымлар оған гүман менен қарамақта, басқалар «кәрханалар сынады, импорт басып кетеди» деген қорқыныш пенен жүр.
Бир затты түсиниў зәрүр, импорт бажылары ислейди. Соның ушын, шөлкем ағзалары менен сөйлесиўлер өткерип атырмыз. Ҳәзирги күнге шекем Япония, Корея Республикасы, Түркия, Бразилия сыяқлы 17 ағза мәмлекетлер менен келисимге ерисилген.
Ертеңги күнимиз – бул теңдей бәсеки орталығы ҳәм экспортқа қаратылған санаат ҳәм саўда сиясаты. Экономикамызға алдынлары протекция қандайда бир мәниде керек еди. Және усы жолда даўам етсек, имканиятларымыз шекленип қалады. Себеби, халықаралық өндирис шынжырларына кирмесек, экономикалық өсиў биз күткендей болмайды.
Бир ғана мысал, жан қоңсыларымыздың жыллық импорты 90 миллиард доллар. Олардағы үлесимиз тек ғана 4 процент ямаса 3,5 миллиард долларды қурайды.
Және бир мысал, ҒМДА шеңберинде еркин саўда режимин орнатқанбыз, Дослық Аўқамына кирмеген мәмлекетлер болса 10 проценттен 20 процентке шекем бажыхана бажысын төлейди. Бирақ ҒМДАдағы 500 миллиард долларлық импортта бизиң үлесимиз 2 процентке де жетпейди.
Демек, бәсеки бағдарында еле әдеўир ислеўимиз зәрүр.
Бул бағдарда үлкен реформа баслап, еки ай алдын өз алдына пәрманға қол қойдым. Металлургия, химия, энергетика ҳәм телекоммуникация тармағында эксклюзив ҳуқықлар бийкар етилди. Мысал ушын, енди ҳәмме теңдей шараятта қара ҳәм реңли металл ломын сатып алыў имканиятына ийе болады.
Корпоратив сатып алыўларда өндирис ушын алынатуғын өнимлерге де баҳа үстинлиги бийкар етиледи.
Буннан былай, ҳеш кимде айрықша ҳуқық болмайтуғыны, ол мәмлекетлик стратегиялық кәрхана болсын, ол жеке меншик кәрхана ямаса сырт ел инвесторлары болсын, экономикада ҳәмме теңдей шараятта ислейди.
Буннан тысқары, шөлкемге ағзалық халықаралық транзит жүк тасыўда артықша төлем ямаса шеклеўлерден азат етиледи. Әлбетте, бул – бәсекиге шыдамлы болыўымызға және бир түртки береди.
Улыўма, өним ҳәм хызметлердиң сапасын арттырыў, сыртқы базарларда мүнәсип орын табыў ушын халықаралық стандартларға өтиў керек. Әпиўайы мысал, пестицидлерди қадағалаў жолға қойылмаса, аўыл хожалығы өнимлериниң экспортын 2030-жылға шекем 10 миллиард долларға жеткериў бойынша белгиленген шеклерге ерисе алмаймыз.
Жетистирип атырған өнимлеримиз, быйылғы пияз ҳәм ғарбызға уқсап, базарын табалмастан набыт бола береди.
Соның ушын, быйыл азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги бойынша нызамды қабыл етемиз. Бул арқалы карантин, ветеринария, санэпидем қадағалаў ҳәм стандарт шөлкемлериниң тәкирарлаўшы ўәкилликлери қысқарады, исбилерменлерди қайта-қайта тексериўге шек қойылады.
Тариф ҳәм тариф емес илажларды жәҳән саўдасы талаплары тийкарында тәртипке салыў бойынша Бас министрдиң орынбасары Ж.Ходжаев басшылығындағы уйымлараралық комиссияға ўақтыншалық ўәкиллик бериледи. Онда исбилерменлердиң атынан Саўда-санаат палатасы анық мәселе қоятуғын система жаратылады.
Екиншиден, өткен жылғы ушырасыўымыздан кейин 309 кәрханаға 280 миллион доллар экспорт алды кредитлери ажыратылды. Бул кәрханалар ҳәзирги күнге шекем 625 миллион долларлық экспорт етти. Бул санды жылдың ақырына шекем және еки есеге арттырыў бойынша есап-санақ етилген.
Ашық сөйлесиўге таярлық шеңберинде және 122 экспортшының 145 миллион долларлық айланыс қаржыға талабы бар екенлиги анықланды. Соның ушын, тармақларды раўажландырыў ушын ажыратылған қаржыдан 200 миллион доллары экспорт алды қаржыландырыў ушын жумсалады. Соннан 50 миллион доллары банк кредитлери ушын кепилликке бериледи.
Бул қаржылар есабынан бир жыл ишинде қосымша 1 миллиард долларлық экспорт әмелге асырылады.
Үшиншиден, ҳәзирги геосиясий процессте Европаға дәстүрий транспорт маршрутлары бойынша жүк тасыў шекленди. Транзит мәмлекет өз тасыўшысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстанға берилип атырған рухсатнамалар санын 3 есеге азайтты.
Транспорт кәрханаларында 28 мәмлекет бойынша 20 мыңнан аслам рухсатнамалар қолланылмастан турғанын атап өтиў керек. Транспорт министри И.Маҳкамовқа бир ай мүддетте рухсатнамалардан пайдаланыў бойынша ашық-айдын системаны жаратыў тапсырылды.
Онда «Е-логистика» платформасы иске қосылып, экспортшылар ушын қайсы кәрханада қанша рухсатнама бар екенлигин көриў, тиккелей шәртнама дүзиў имканияты жаратылады.
Төртиншиден, Импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа қолайлы өнимлерди көбейтиў ушын заманагөй технологиялар зәрүр.
Бундай әсбап-үскенелерге буйыртпа берип, алып келиўге көп ўақыт кетеди. Бирақ, шәртнама мүддетине қарамастан сатып алынған үскене 180 күнде жетип келмесе, мүддети өткен дебитор қарыздарлық пайда болады.
Дурыс, бундай жағдайларда жәрийма қолланыў әмелиятын бийкар еткенбиз. Бирақ исбилерменлер үскене келмегенге шекем басқа импорт шәртнамаларына төлемди әмелге асыра алмайды, алдыннан төлемсиз экспорт етиўи мүмкин емес, мәмлекет тәрепинен белгиленген жеңиллик ҳәм субсидиялардан пайдаланыўы шекленген. Ҳәзирги ўақытта 2 мыңнан аслам кәрханада усындай машқала бар.
Ж.Ходжаев, Ж.Қўчқоров, М.Нурмуратов соны итибарға алсын, енди шеттен үскене ҳәм комплектлеўши бөлек алып келиў процесинде шәртама мүддети бузылмаса мүддети өткен қарыздарлық пайда болмайды.
Көп исбилерменлер экспорт бойынша ҚҚСты қайтарыўда артықша тосық бар екенлигин айтпақта. Салық ҳәм бажыхананың мәлимлеме системалары бир-бирине жалғанған болса да, экспортты тастыйықлайтуғын ҳүжжет талап етилмекте.
Буннан былай, бажыхана уйымының экспортты тастыйықлаўшы электрон мағлыўматы ҚҚСты қайтарыў ушын тийкар болады, басқа артықша ҳүжжетлер талап етилмейди.
Ж.Қўчқоров, Ш.Қудбиев, А.Мавлонов бир ай мүддетте усы система толық иске қосылыўы ушын жеке жуўапкер болады.
Ҳәзирги күнде азық-аўқат өнимлерин сақлаў, сайлаў, қайта ислеў үскенелери ҳәм комплектлеўши бөлеклери алып келингенде сертификат алыў ушын үш ай ўақыт кетип атыр. Себеби, аймақларда сынақларды толық қамтып алатуғын лабораториялар жоқ. Ҳәмме пайтахтқа келиўге мәжбүр.
Бас министр А.Арипов бул мәселени жеке өзи қадағалаўға алып, жылдың ақырына шекем Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезмде сынаў лабораториясы шөлкемлестирилиўин тәмийинлейди.
Және бир мәселе – ҳәзир исбилерменлер электрон есап-фактура ҳәм товар-транспорт жүк хатын айрықша 2 ҳүжжет сыпатында рәсмийлестирмекте. Исбилермен жүк хатына 49 мағлыўматты мәжбүрий киргизиўи керек.
Ҳәмме тараўға санластырыў кирип келген бир ўақытта бундай әмелияттың не кереги бар?
Енди бул ҳүжжетлер бир формаға келтириледи ҳәм тек ғана 4 мағлыўмат киргизиўдиң өзи жетерли болады.
Бесиншиден, экспортты кескин арттырыў ушын жаңа базарларға көбирек кирип барыўымыз керек. Сораўларда 30-40 процент кәрханаларымыз қайсы өнимге сыртқы базарда талап жоқары, қандай стандарт керек, деген сораўларға жуўап табыўға қыйналатуғынын айтқан.
Сыртқы базарда өнимлеримиздиң түри көбейиўине, экспортшы кәрханаларымыз жаңа базарларға кирип барыўына хызмет ететуғын система шөлкемлестириледи. Бул бағдарда сырт елде бизнес ислеп , үлкен тәжирийбе арттырған ўатанласларымыз бенен экспортшы кәрханаларымызды байланыстырсақ, мен ойлайман, бул да үлкен нәтийже береди.
Бас министрдиң орынбасары Ж.Ходжаев, Саўда-санаат палатасы усындай ўатанласларымыз бенен тығыз бирге ислесип, оларды өзлерине саўда ҳәм инвестиция бойынша мәсләҳәтши сыпатында тартады.
Сыртқы ислер министри Б.Саидов та ҳәр айда әне, усындай ўатанласларымыз бенен сөйлесип, олардың усыныс, баслама ҳәм жойбарларына жәрдемлеседи.
Бул бағдарда бир жылдан кейин есап-санақ етемиз. Нәтийжеге қарап, бул бойынша ең белсенди болған ўатанласларымызды сыйлықлаймыз.
Алтыншыдан, жылына 250 триллион сумнан аслам мәмлекетлик сатып алыўлар әмелге асырылмақта. Сол себепли, мәмлекетлик сатып алыўларға «жергиликли контент» талапларын енгизиў ўақыты келди. Ҳәзир 70 мың жергиликли ислеп шығарыўшыдан 4 мыңы (6 процент) кооперация порталында дизимнен өткен.
Келеси жылғы мәмлекетлик инвестиция бағдарламасында ҳәр бир жойбар бойынша жергиликли өнимлердиң үлеси қанша болатуғыны анық белгиленеди. Мәмлекетлик сатып алыўда енди жергиликли өнимниң үлесин арттырыў хошаметленеди. Соның ишинде, энергетика, нефтьгаз, химия, металлургия, темир жол сыяқлы тармақлардағы ири кәрханалар 2-3 жыллық буйыртпаларды кооперация порталына алдыннан жайластырады.
Жергиликли кәрханалар болса усы буйыртпалар тийкарында жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қояды. Олардың жойбарларына дәслепки басқышта 100 миллион доллар қаратылады.
Жетиншиден, соңғы жылларда энергетика тараўын реформалап, жеке секторға кең жол ашып бердик. Бул арқалы 3,5 миллиард долларлық жеке меншик шериклик жойбарлары иске түсирилди ҳәм және 31,5 миллиард долларлық 50 жойбар бойынша ислер жедел даўам етпекте.
Аймақлық электр тармақларын басқарыўды да жеке секторға бериў бойынша бир жыл таярлық көрдик.
Енди, мине бул процесслерде де әмелий басқышқа өтемиз. Атап айтқанда, усы жылдың октябрь айында Самарқанд ўәлаятындағы электр тармақларына жеке оператор тартыў бойынша тендер жәрияланады. Тендерде жеңип шыққан инвестор 900 мың пайдаланыўшыға хызмет көрсетиў менен бирге, ескирген тармақ ҳәм подстанцияларды жаңалап, шығынларды азайтыў есабынан дәрамат алады. Онда, халық ҳәм исбилерменлер ушын белгиленген тарифлер өзгермейди.
Келеси жылы Жиззақ ҳәм Сурхандарья ўәлаятларында да тап усындай ислер әмелге асырылады.
Сегизиншиден, жер асты байлықларын өзлестириўге исбилерменлерди кеңнен тартыў, өндиристи көбейтиўимиз керек.
Усы жылдың өзинде-ақ, 150 ден аслам кән ҳәм майданлар исбилерменлерге сатылды. Жыл ақырына барып және 300 кән ҳәм майданлар исбилерменлерге усыныс етиледи. Қурылыста қум-шағыл тасқа талапты қаплаў мақсетинде 110 миллион куб метр резервке ийе 172 кән ҳәм исбилерменлик ушын ажыратылады.
Төртинши бағдар- хызметлер тараўына жаңа түртки бериў.
Өзбекстанда бәнт халықтың 52 проценти хызметлер тараўында ислеп атыр. Ислеп турған кәрханалардың 68 проценти (254 мыңы) де хызметлер тараўына туўра келеди. Бирақ тараўда бәнт болғанлардың 4 проценти жоқары қосымша қун беретуғын бағдарда жумыс алып бармақта.
Сол себепли, хызметлерде бәринен бурын, IT тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратамыз. Жети жыл алдын дерлик жоқ орыннан басланған бул тараў бүгин 1 миллиард долларлық экспорт етиў потенциалына ийе болды.
Халық ҳәм исбилерменлер ушын электрон арқалы төлеў аңсатласқанын көрип турыпсыз. Бул жумысларды избе-из даўам еттирип, ҳәр бир аймақта экспортқа бағдарланған IT парклер шөлкемлестирилди.
Енди барлық тараўда жасалма интеллект технологиялары кеңнен енгизиледи. Мысалы, жасалма интеллект арқалы дроннан пайдаланып, қурылыста қәрежетлерди 20 процентке үнемлеў мүмкин. Аўыл хожалығында болса жасалма интеллект арқалы өнимдарлық 10-15 процентке, туқым ҳәм жанар май нәтийжелилиги 40 процентке артады.
Бул бағдарда жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын барлық шараятлар жаратылады. IT паркте жасалма интеллект орайы ашылады. Жойбарларды қаржыландырыў ушын 50 миллион доллар ажыратылады.
Екиншиден, исбилерменликтиң дәслепки басқышында – стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў экосистемасы жаратылады. Бул система биз ушын жаңа тәжирийбе болмақта. Усы жылы стартапларға ең биринши мәрте 10 миллион доллар инвестиция кирип келди.
Бул тараўда жумысын «нөльден» баслап, айланысын 10 миллион доллардан арттырған 50 ден аслам жергиликли компания пайда болды.
Усындай жойбарларды көбейтиўимиз керек. Сол себепли, стартапларды «аяққа турғызыў» ушын венчур қорлар хызмети жолға қойылады. Оның ушын IT парк те 10 миллион долларлық қор шөлкемлестиреди.
Сондай-ақ, стартаптың сырттан алып келген ҳәр 1 доллар инвестициясына мәмлекет те 1 доллар ресурс береди. Стартап қолланбаларын пәтентлеў ҳәм саўда белгилерин дизимнен өткериў сыяқлы қәрежетлерди мәмлекет қаплап береди.
Улыўма, бул тараўға 50 миллион доллар бағдарланып, оқытыў системасын шөлкемлестиремиз, сырт ел қәнигелерин де алып келемиз.
Үшиншиден, локализациялаўда тек ғана товарлар емес, ал хызметлер бойынша да үлкен имканиятлар бар. Мысалы, энергетика тараўында 36 миллиард долларлық 27 гигаватт электр энергиясын ислеп шығарыў жойбарлары әмелге асырылмақта.
Усы сыяқлы объектлердеги жоқары технологиялық үскенелерди эксплуатациялаў ҳәм оңлаў бойынша маман хызметлерге талап жылдан-жылға артпақта. Бундай хызметлердиң импорты быйыл 2 есеге артып, 100 миллион долларға жетеди. Химия, металлургия кәрханалары, насос станциялары ҳәм ГЭСлер, тоқымашылық ҳәм медицинада да бундай хызметлерге талап жоқары.
Сол себепли, бир жыл ишинде 3 мың жергиликли қәнигени Германия, Япония, Қубла Корея, Қытай ҳәм Түркиядағы өндирислик компанияларға маманлығын арттырыўға жиберемиз. Олардың қәрежетлерин мәмлекет қаплап береди.
Ж.Қучқоров еки ай мүддетте ири кәрханаларға сервис көрсетиўде жергиликли кәрханалардың қатнасыўын кеңейтиў бағдарламасын ислеп шығады.
Төртиншиден, улыўма аўқатланыў ҳәм мийманхана хызметлери хызмет көрсетиў тараўында үлеси үлкен бағдар болып есапланады.
Оларды қыйнап атырған ең үлкен машқала – қосымша қун салығы ҳәм жумысшылардың есабын жүргизиў екенлигинен хабарым бар.
Сол себепли, келеси жылдың 1-январь күнинен улыўма аўқатланыў кәрханаларына қосымша қун салығының бир бөлеги исбилерменге «кэшбек» сыпатында қайтарып бериледи. Онда айлық айланысының 60 процентин нақ пулсыз әмелге асырған кәрханаларға қосымша қун салығының 40 проценти төленген ўақытта қайтарылады. Егер нақ пулсыз айланыс 60 проценттен аз болса, «кэшбек» 20 процент болады. Қосымша қун салығын төлеўге ресторан ҳәм кафелер ушын пайда салығы 2 есеге азаяды.
Буннан тысқары, 1- декабрьден бул кәрханалар нақ пулға сатып алған аўыл хожалығы өнимлерин киргизиўде ҳеш қандай ҳүжжет талап етилмейди. Оларға бәҳәр ҳәм жаз мәўсиминде өз имаратларына тутас майданларға стол-стул ҳәм шертек қойып ислеўге рухсат бериледи.
Ресторан ҳәм кафелер жумысшылар менен қысқа мүддетли, әпиўайыластырылған (жумыс кесиминде) мийнет шәртнамасын дүзип, ислесиўи мүмкин болады. Тап усы сыяқлы 1-октябрьден баслап мийманхана ҳәм туроператорларға да төленген қосымша қун салығының 20 проценти «кэшбек» етип бериледи.
Бесиншиден, соңғы еки жылда базарға кириўдеги 13 эксклюзивлик ҳуқықты бийкарлаған едик. Жақында және 7 си (туризм, қурылыс, қала қурылыс, экспертиза, байланыс тараўы) бийкарланады.
Бул арқалы 1,5 мыңнан аслам исбилерменлер ушын базарға кириў имканияты жаратылады. Мысалы, мийманхана жумысын сертификатластырыў менен аккредитациясы бар барлық кәрханалар шуғылланыўы мүмкин болады. Ҳәзир бул хызмет бойынша эксклюзивлик ҳуқық Туризм комитети жанындағы шөлкемге берилген.
Қурылыс ҳәм турақ-жай коммунал хожалығы министрлигиниң «Ашық қурылыс» системасы арқалы тендер саўдалары ушын ҳүжжетлерди тек минстрлик жанындағы консалтинг орайлары таярлап бермекте.
Енди 1-октябрьден Исбилерменлик рейтинги сыяқлы «Ашық қурылыс» системасын исбилерменлердиң өзи жүргизеди. Консалтинг орайлары функцияларын толық жеке секторға бериўге таярмыз.
Исбилерменлер усыныс берсе, мәмлекетлик уйымлар көрсетип атырған басқа хызметлерди де жеке секторға бериўге таярмыз.
Бесинши бағдар- бизнес ушын иркиниш ҳәм тосқынлықларды және де қысқартыў.
Биз соңғы жылларда исбилерменлик жолындағы бюрократиялик тосқынлықларды сапластырыў бойынша үлкен реформаларды әмелге асырдық. Бирақ исбилерменлеримиз елеге шекем айырым машқалалар сақланып қалып атырғанлығын билдирген.
Бириншиден, исбилерменлик жумысын тоқтатыўға тийкар болатуғын нызам бузылыў жағдайлары дәрежеси белгиленбеген. Ақыбетинде арзымаған кемшиликлер менен де исбилерменлердиң жумысын тоқтатып қойыў жағдайлары бақланбақта.
Сол себепли, 1-ноябрьге шекем халықтың өмири ҳәм саламатлығына ҳақыйқый қәўип салыўшы критериялар реестри ислеп шығылады. Ескертип айтаман, реестрде жоқ критериялар бойынша исбилерменниң жумысын тоқтатқан жуўапкер жуўапкершиликке тартылады.
Екиншиден, исбилерменлерди жынайый жуўапкершиликке тартыў және де либералласады.
Салықларды төлеўден бас тартыў, деген жынаят түри бар. Онда исбилерменниң төлемеген салығы 100 миллион сумнан (базалық есаплаў муғдарының 300 есеси) артса, жынаятшы болып қалмақта. Бирақ исбилерменлерге имканият берилсе, бул сумманы биймәлел төлей алады, оның ушын оларды айлап тергеў шәрт емес.
Сол себепли, салық төлемегенлиги ушын исбилерменге жынаят исин қозғатыўға тийкар болатуғын муғдарды 2 есеге шекем арттырыўды усыныс етемен. Мен ойлайман, исбилерменлеримиз бул берилип атырған жеңилликти, билдирип атырған исенимди жоққа шығармайды.
Үшиншиден, кредит алды-бердисинде банк те, исбилермен де тәўекел етеди. Бирақ әмелиятта банктиң ҳуқық ҳәм ўәкилликлери исбилерменге қарағанда көбирек. Мысалы, кредит ўақтында қайтарылмаса, гиреўге қойылған мүлкти банк шәртнама дүзилген ўақыттағы баҳасында сатыўға шығарады.
Өзиңиз ойлаң, 3-4 жыл алдын кредит алынғанда 100 миллион сумға баҳаланған мүлктиң бүгинги баҳасы 30-40 процент қымбатласа, оны қандай етип, ески баҳасында сатыў мүмкин?
Өткен 6 айда банклер 1,3 триллион сумға баҳаланған мыңнан аслам гиреўдеги мүлклерди аукционға шығарған.
Яки кредиттиң үлкен бөлегин қайтарған исбилермен анаў яки мынаў машқалаға дус келип, қалған қарызын төлей алмай қалса да гиреўге алынған мүлк толық саўдаға шығарып жиберилмекте. Өткен жылы жәми қарыздарлық суммасы 1,5 миллиард сум болған 22 жағдайда өндириў 35 миллиард сумлық гиреўдеги мүлкке қаратылған.
Айтпасаңызда да көзиңизден көрип турман, бул көпшилик исбилерменлерди узақ жыллар қыйнап киятырған машқала.
Дурыс, машқалалы кредитлер менен қатаң шуғылланыў керек. Бирақ бул исбилерменди «сапластырыў» есабынан болмаўы зәрүр.
Сайхунабад, Уйчи, Зарбдар, Ғыждуўан, Юнусабад районлары мысалында банклер «қарыйдар» ислеп, қыйыншылыққа ушыраған исбилеменлерге жәрдемлесиў бойынша жетерли тәжирийбе арттырды. Буны даўам еттирип, банклердиң өз қарыйдары менен ислесиў системасын және де жақсылаймыз.
Енди гиреўдеги мүлкти саўдаға шығарыўдан алдын, оның ҳәзирги базар баҳасы анықланады, қайтпаған қарыздарлық гиреў қунының 15 процентинен аз болса, өндириў мүлкке қаратылмайды. Банк қарыйдарға қарызды басқа дәрек есабынан қаплаўға имканият береди.
Бул басламаларды тез күнлерде нызам менен беккемлеп қоямыз. Мен ойлайман, бул усыныслар сизлерге мақул түседи.
Төртиншиден, «снослар» бойынша компенсация төлеўден елеге шекем машқалалар бар. Ҳәзирде бул қәрежетлер ўәлаятлардың бюджети есабынан қапланбақта. Бирақ айырым ўәлаятлар бюджетинде қаржы аз қалып атырғанлығы ушын исбилерменниң пулын қаплап бериў 5-6 жылға созылып кетпекте.
Жоқарыда жерди аукционға шығарыў бойынша жаңа басламалар ҳаққында айттым. Енди жерди сатыўдан түскен қаржылар, бәринен бурын, «снос» бойынша исбилерменлерден қарызды өндириўге қаратылады.
Әзиз ўатанласлар,
Жер жүзиндеги жағдайды көрип турсыз. Дәстүрий базарларды сақлап қалыў, жаңаларына кирип барыў, оның ушын логистика маршрутларын диверсификациялаў күн сайын үлкен әҳмийетке ийе болып бармақта.
Не ушын быйылғы ашық сөйлесиўди әйне Қарақалпақстанда өткерип атырмыз? Себеби Қарақалпақстанға инвестиция киргизип, бизнес ислеўдиң басқа аймақларға қарағанда 3 үстинлиги бар.
Бириншиси – Қарақалпақстанда бизнес ушын ҳеш бир аймақта жоқ 50 ден аслам жеңилликлер пакети енгизилген.
Екиншиси – Қарақалпақстанда жер ажыратыўдың әпиўайы системасы енгизилген.
Үшиншиси – үлкен базарларға шығыў ушын ең қолайлы аймағымыз, бул – Қарақалпақстан.
Бүгинги ашық сөйлесиўимиз Жоқарғы Кеңес баслығы А.Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң баслығы Ф.Эрманов, қала ҳәм районлар ҳәкимлери ушын жаңадан-жаңа жойбарларды баслаў ушын үлкен имканият.
Қарақалдпақстанлы исбилерменлер келген мийманларды бир-еки күн алып қалып, бул жердеги шараятларды көрсетсе, жойбарларды әмелге асырыў бойынша биргеликте усыныслар ислеп шықса, шақырды ҳәм барлығын қоллап-қуўатлаўға таярман.
Ашық сөйлесиўимиздиң жуўмағы бойынша «Қарақалпақстанда бизнес ислең» бағдарламасын қабыл етемиз.
Бул бағдарламада тек ғана орайлық студияда отырған 300 ге шамалас исбилеменлеримиз емес, ал аймақлардағы студиялардан қатнасып атырған мыңлаған бизнес ўәкиллери де белсене қатнасады, деп ойлайман.
Оның ушын биз Қарақалпақстанға жаңа қосымша шараятлар жаратып беремиз.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Мине, ҳәмме мәселелерди ашық сөйлесип, шешимлерин де келисип алдық.
Бүгин мен шығып сөйлеген исбилерменлердиң пикирлерин тыңлап, оғада қуўандым.
Сизлердиң «Мырза Президент, сонша шараят жаратып берип атырсыз, биз де жаңадан-жаңа жумыс орынларын жаратып, адамларды дәраматлы етиўге, кәмбағаллықты қысқартыўға беккем бел байлаймыз», деген гәплериңиз мени қуўандырды.
Оның ушын барлығыңызға шын кеўлимнен рахмет айтаман.
Сизлердиң шарапатыңыз бенен мыңлаған адамлар жумыслы, дәраматлы болады, шаңарақ қурыў, үйли-жайлы болыў, балаларын тәрбиялаў, оқытыў имканиятына ийе болады. Жумысы, дәраматы бар адам болса ҳеш қашан жаман жолға кирмейди, бузғыншы ислерге қол урмайды.
Усы мәниде, исбилерменлер қатарында олардың жумысшылары да ўатанымыздағы тынышлық-татыўлық, турақлылықтан ең көп мәпдар болады. Ўатан тынышлығын, мәмлекеттиң раўажланыўын жан-тәни менен қорғаўға таяр турады.
Усы мәниде, сизлер тыныш, еркин ҳәм абадан турмысызмыздың гиреўисиз, десек, қәте болмайды деп ойлайман. «Исбилермен-елге мәдеткар» деген нақылда терең мәни бар. Бирақ, усындай үлкен жуўапкершиликти мойнына алған исбилерменниң өзине ким мәдеткар?
Егер қайсы ҳәким өз аймағының гүллеп-жайнап, раўажланыўын қәлесе, бәринен бурын, исбилермен ҳәм және бир мәрте исбилерменге ҳақыйқый мәдеткар болыўы керек.
Усы мүнәсибет пенен, бурын айтқан сөзимди және бир мәрте тәкирарлаўды зәрүр, деп билемен.
Ҳүрметли исбилерменлер, ҳеш нәрседен қорықпаң. Билиң артыңызда, Президент тур!
Бүгин сизлер менен додаланған барлық мәселелер бойынша бир ҳәпте ишинде үлкен пәрман қабыл етиледи.
Парламентимиз басшыларынан көтерилген мәселелер бойынша нызам жойбарлары кириўин күтип отырмастан, депутатлардан ибарат топарлар дүзип, ҳүжжетлерди ислеп шығыўға тезирек кирисиўин сораймыз.
Бас министрге де ҳүкимет қарарларын тезирек қабыл етиў тапсырылады.
Бул жумыслардың әмелдеги орынланыўы үстинен қатаң қадағалаў системасы болады.
Саўда-санаат палатасы (Ваҳобов), Бизнес омбдусман (Қосимов) жумысы жолға қойылған сөйлесиў платформасында ҳәр ҳәпте бир тараўдағы машқалаларды исбилерменлер менен додалайды.
Онда жуўапкер ҳүкимет ағзалары ҳәм ўәлаят ҳәкимлери де қатнасыўы шәрт. Көтерилген мәселелердиң шешимлерин Бас министр А.Арипов ҳәр он бес күнде көрип шығады, үлкен жойбарларды әмелге асыраман, деген исбилерменлерди жеке өзи қабыллайды ҳәм ҳүкиметтен оған жәрдем беретуғын басшыны бириктиреди.
Өзим де ҳәр айда биреўден тараў ўәкиллери ҳәм ири инвесторлар менен тиккелей ушырасаман.
Сөзимниң соңында ҳәммеңизге денсаўлық, табыс ҳәм әўметлер тилеп қаламан.
ӨзА