Бас мәмлекетлик санитария врачының «Сырт мәмлекеттен маймылшешек кирип келиўиниң алдын алыў ҳәм тарқалыўының алдын алыў илажларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы көрсетпеси тийкарында мәмлекет аэропортларында бир қатар санитария-үгит-нәсиятлаў илажларын өткериў режелестирилген.

Атап айтқанда, пуқаралық авиация объектлериниң Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы менен биргеликте 20-21-август күнлери аэропорттың медицина хызметкерлери ушын маймылшешек кеселлигиниң этиологиясы, клиникалық көриниси, эпидемиологиясы, диагностикасы ҳәм алдын алыў бойынша семинарлар өткериў режелестирилген.

Сондай-ақ, республиканың барлық халықаралық аэропортларында маймылшешек кеселлигиниң алдын алыўға қаратылған санитария-үгит-нәсиятлаў жумыслары күшейтилди.

Аэропорт хызметкерлерине бул кеселлик ҳаққында әпиўайыластырылған түрде мағлыўмат бериледи ҳәм айырым белгилер визуаллық тәризде қандай көринетуғыны түсиндириледи. Буннан тысқары, санитария-карантин хызмети тәрепинен аэропортларда ҳаўаның температурасы жоқары болған жолаўшыларды аралықтан турып анықлайтуғын тепловизорлар орнатылады.

“Uzbekistan Airports” АЖның Медициналық тәмийнатты раўажландырыў департаменти ЖДСШ мағлыўматларына сүйенип, бул кеселликтиң жаңа штаммы тийкарынан Өзбекстан менен тиккелей рейслер менен байланыслы болмаған Африка мәмлекетлеринде тарқалып атырғаны атап өтилди.

Ш.Маматуропова, ӨзА