Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

Бесинши бағдар – бизнес ушын тосық ҳәм жаўларды және де қысқартыў.

Исбилерменлик жумысын тоқтатыўға тийкар болатуғын нызам бузылыў жағдайлары дәрежесиниң белгиленбегенлиги көрсетип өтилди. Ақыбетинде арзымаған кемшиликлер менен де исбилерменлер жумысын тоқтатып қойыў жағдайлары бақланбақта.

Соның ушын, 1-ноябрьге шекем халықтың турмысы ҳәм денсаўлығына ҳақыйқый қәўип салыўшы нормалар реестри ислеп шығылады.

Президент реестрде жоқ норма бойынша жумысын тоқтатқан лаўазымлы ҳәмелдар жуўапкершиликке тартылатуғыны ҳаққында ескертти.

ӨзА