Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Хызметлерде үлеси ең үлкен тараўлардан бири, бул – улыўмалық аўқатланыў ҳәм мийманхана хызметлери.
Мәмлекетимиз басшысы олардың ең үлкен машқаласы ҚҚС ҳәм жумысшылардың есабын алып барыў екенинен хабардар екенин атап өтти.
Соның ушын, 1-январьдан улыўмалық аўқатланыў кәрханаларына ҚҚСтың бир бөлеги исбилерменге «кешбэк» сыпатында қайтарып бериледи. Онда айлық айланысының 60 процентин нақ пулсыз әмелге асырған кәрханаларға ҚҚСтың 40 проценти төленген ўақыттың өзинде қайтарылады. Егер нақ пулсыз айланыс 60 проценттен аз болса, «кешбэк» 20 процент болады.
ҚҚС төлеўге өткен ресторан ҳәм кафелерге пайда салығы 2 есеге азаяды. 1-декабрьден бул кәрханалар нақ пулға сатып алған аўыл хожалығы өнимлерин кирис етиўде ҳеш қандай ҳүжжет талап етилмейди.
Оларға бәҳәр ҳәм жаз мәўсиминде өзлерине тутас майданларда стол-стул ҳәм саябан қойып пайдаланыўға руқсат бериледи. Ресторан ҳәм кафелер жумысшылары менен қысқа мүддетли, әпиўайыласқан мийнет шәртнамасын дүзиўи мүмкин болады.
Усы тәризде 1-октябрьден мийманхана ҳәм туроператорларға да төленген ҚҚСтың 20 проценти «кешбэк» етип бериледи.
ӨзА