Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Локализациялаўда тек ғана товарлар емес, хызметлер бойынша да үлкен имканиятлар бар.
Мәселен, энергетика тараўында 36 миллиард долларлық 27 гигаватт электр энергия ислеп шығарыў жойбарлары әмелге асырылмақта. Бундай объектлердеги жоқары технологиялық үскенелерди эксплуатациялаў ҳәм оңлаў бойынша тәжирийбели хызметлерге талап жылдан-жылға артпақта.
Химия, металлургия кәрханалары, насос станциялары ҳәм ГЭСлер, тоқымашылық ҳәм медицинада да бундай хызметлерге талап үлкен.
Соның ушын, бир жыл ишинде 3 мың жергиликли қәниге Германия, Япония, Қубла Корея, Қытай ҳәм Түркиядағы өндирис компанияларға тәжирийбе арттырыўға жибериледи. Олардың қәрежетлерин мәмлекет қаплап береди.
Экономика ҳәм қаржы министрлигине ири кәрханаларға сервис көрсетиўде жергиликли кәрханалардың қатнасын кеңейтиў бағдарламасын ислеп шығыў тапсырылды.
ӨзА