Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

Төртинши бағдар- хызметлер тараўына жаңа түртки бериў.

Өзбекстанда бәнт халықтың 52 проценти хызметлер тараўында ислеп атыр. Ислеп турған кәрханалардың 68 проценти хызметлер тараўына туўра келеди.

Бирақ, тараўда бәнт болғанлардың 4 проценти жоқары қосымша қун беретуғын бағдарда жумыс алып бармақта. Сол себепли, хызметлерде, алдын ала, IT тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады.

Жети жыл алдын нольден басланған бул тараў 1 миллиард долларлық экспорт етиў потенциалына ийе болды, ҳәр бир аймақта экспортқа жиберилген  IT  парклер шөлкемлестирилди.

Енди, барлық тараўларда жасалма интеллект технологиялары енгизиледи.  IT паркте жасалма интеллект орайы ашылады.

Бул бағдарда жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын барлық шараятлар жаратылады. Жойбарларды қаржыландырыў ушын 50 миллион доллар ажыратылады.

                                                                                                          ӨзА