Бул ҳаққында Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен болып атырған ашық сөйлесиўинде атап өтилди.

Соңғы жыллары энергетика тараўы реформаланып, жеке меншик секторға кең жол ашып берилди.

Бул арқалы 3,5 миллиард долларлық жеке меншик шериклик жойбарлары иске қосылды ҳәм және 31,5 миллиард долларлық 50 жойбар бойынша жумыслар жедел даўам етпекте.

Аймақлық электр тармақларын басқарыўды жеке меншик секторға бериўде әмелий басқыш басланады. Атап айтқанда, октябрьде Самарқанд ўәлаятындағы электр тармақларына жеке меншик оператор тартыў бойынша тендер жәрияланады.

Келеси жылы Жиззақ ҳәм Сырдәрьяда да усындай жумыслар әмелге асырылады.

ӨзА