Бул ҳаққында Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен өткерип атырған ашық сөйлесиўинде атап өтилди.

Сораўларда 30-40  процент кәрханаларымыз қайсы өнимге сыртқы базарда талап жоқары, қандай стандарт керек,  деген сораўларға жуўап табыўға қыйналатуғынын айтқан.

Сыртқы базарда өнимлеримиз түриниң көбейиўине, экспортшы кәрханаларымыз жаңа базарларға кирип барыўына хызмет ететуғын система жаратылады.

Бул бағдарда сырт елде бизнес етип, үлкен тәжирийбе арттырған ўатанласларымыз ҳәм экспортшы кәрханаларды бир-бир менен байланыстырыў үлкен нәтийже беретуғыны атап өтилди.

Жуўапкерлерге ўатанласларымыз бенен тығыз ислесип, олар менен «саўда ҳәм инвестиция бойынша мәсләҳәтши» сыпатында бирге ислесиў, олардың пикир-усыныслары ҳәм жойбарларына жәрдемлесиў тапсырылды.

ӨзА