Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Ҳәзирги күнде азық-аўқат өнимлерин сақлаў, сайлаў, қайта ислеў үскенелери ҳәм комплектлеўши бөлеклери алып келингенде сертификат алыўға үш ай ўақыт кетип атыр.
Себеби, аймақларда сынақларды толық қамтып алатуғын лабораториялар жоқ. Ҳәмме пайтахтқа келиўге мәжбүр.
Жуўапкерлерге жылдың ақырына шекем Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезмде сынаў лабораториясын шөлкемлестириў тапсырылды.
Және бир мәселе – ҳәзир исбилерменлер электрон есап-фактура ҳәм товар-транспорт жүк хатын айрықша 2 ҳүжжет сыпатында рәсмийлестирмекте. Исбилермен жүк хатына 49 мағлыўматты мәжбүрий киргизиўи керек.
Барлық тараўға санластырыў кирип келген бир ўақытта, бундай әмелиятты бийкарлаў ўақыты келгени атап өтилди. Енди бул ҳүжжетлер бир формаға келтириледи ҳәм тек ғана 4 мағлыўмат киргизиўдиң өзи жетерли болады.
ӨзА