Өткен жылғы ушырасыўдан кейин 309 кәрханаға 280 миллион доллар экспорталдынан кредитлери ажыратылды. Бул кәрханалар ҳәзирге шекем 650 миллион долларлық экспорт етти. Бул сан жыл ақырына шекем және еки есеге артыўы есап-санақ етилген.

Ашық сөйлесиўге таярлық шеңберинде және 122 экспортшының 145 миллион долларлық айланыс қаржыға талабы бар екенлиги анықланды.

Сол себепли, тармақларды раўажландырыўға берилген қаржыдан 200 миллион доллар экспорталды қаржыландырыў ушын бағдарлайды.

Соннан, 50 миллион доллар банк кредитлери ушын кепилликке бериледи.

Бул қаржылар есабынан бир жыл ишинде қосымша 1 миллиард доллар экспорт болады.

Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

ӨзА