Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўинде атап өтилген екинши бағдар- бизнести инфраструктура, жер ҳәм энергия менен тәмийинлеў.

Ашық сөйлесиў шеңберинде келип түскен 11 мың мүрәжеттен 2 мыңы жер ҳәм инфраструктура менен байланыслы. Орынларда өткерилген сораўда да 55 процент исбилермен электр энергиясы, газ тәмийнатында, тармаққа жалғаныўда машқала бар екенлигин айтқан.

Соңғы жылларда мәмлекетимизде жер ҳәм мүлкке көзқараслар пүткиллей өзгерди, жеке мүлкке қол қатылмаслықты  тәмийинлеў бойынша үлкен әмелий жумыслар исленди.

Бирақ, жерден инвестиция сыпатында пайдаланыў системасы еле арқада екени көрсетип өтилди.

 

                                                                                               ӨзА