Өткерилген сораўда исбилерменлердиң 38 проценти ислам қаржысы тийкарында ресурс алыўды қәлейтуғынын билдирген.
Өткен айда микроқаржы шөлкемлерине исламий шәртлер тийкарында хызмет көрсетиўге рухсат берилди.
Таярланған жаңа нызам жойбары қабыл етилсе, ислам қаржысы менен банклер де ислесиўи мүмкин болады.
Бул – жаңа қаржылай хызметлер көрсетилиўи, көп инвесторлардың кирип келиўи ҳәм 5 миллиард долларлық қосымша ресурс пайда болыўына түртки береди.
Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
ӨзА