Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Ҳәзир көп экспортшылар ири сырт ел саўда тармақларына 3-4 ай кешиктирип төлеў шәрти менен өним жеткерип бермекте.
Үзликсиз ислеп шығарыў ушын кәрханаларда айланысқа талап артпақта. Бирақ, барлық исбилерменде де жаңа кредит алыў, оған гиреў табыў имканияты жоқ.
Исбилерменнен гиреў талап етилмейтуғын ең қолайлы инструмент бул – факторинг. Халықаралық қаржы корпорациясына бола, бизде 10 миллиард долларлық факторинг хызметине талап бар. Ҳәзир бул хызметти тек ғана банклер, микроқаржы шөлкемлери көрсетпекте.
Буннан былай банк болмаған жаңа институт – факторинг шөлкеми ушын жол ашылады. Олар сырт ел валютасында да хызмет көрсетиўи мүмкин болады. Бул процессте қатнасатуғын банк, микроқаржы, факторинг шөлкеми ҳәм исбилерменлер пайдаланатуғын айрықша электрон платформа иске түседи. Яғный, исбилермен оннан өзине қолайлы қаржылай өнимди таңлаў имканиятына ийе болады.
Улыўма, факторингти ғалаба ен жайдырыў есабынан исбилерменлерге айланыс ушын 20 триллион сум, экспортшы кәрханаларға 1 миллиард доллар қосымша қаржылай ресурслар пайда болады.
ӨзА