Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

Президент исбилерменлик ушын қосымша шараятлар жаратыў бойынша әҳмийетли жаңа басламаларды  алға қойды

Биринши бағдар- киши ҳәм орта бизнес ушын қаржылай ресурсларды көбейтиў.

Өткен жылы киши ҳәм орта бизнести қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын жаңа система енгизилген еди. Бул бойынша Бизнести раўажландырыў банки ҳәм Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы шөлкемлестирилип, жыл басынан 35 мыңнан аслам исбилерменлерге  жәми 3,5 триллион сум микрокредитлер ажыратылды.

Буннан тысқары, «Бизнеске биринши қәдем» бағдарламасы бойынша исбилерменликти енди баслап атырған 115 мың халыққа 1 триллион сумлық микроқарызлар берилди.

Бул тәжирийбе және де кеңейтилиўи белгиленди.

ӨзА