Бул ҳаққында Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўинде атап өтилди.
Бүгинги күнде 100 ден аслам жумысшысы бар кәрханалар 3 мыңға шамаласып, олардағы жумыс орны бир жылда 440 мыңға көбейди.
Жеке секторда 5 миллион сумнан көп мийнет ҳақы алатуғын жумысшылар 1 миллионнан артты. Соннан 370 мыңы 10 миллион сумнан аслам айлық алады.
Булар исбилерменлеримиз «саяда» ислеўден көре нызамлы жумыс, саламат бәсекини мәпдар деп билип атырғанлығынан дәрек береди.
Исбилерменлик рейтингинде «А» ҳәм «Б» – жақсы категорияға кириўши кәрханалар 91 мыңға көбейди, және 170 мың кәрхана «Д» -ең жаман категориядан шығарылды. Буның есабынан салық тексериўлери өткен жылға қарағанда 2 есеге, соның ишинде, камерал тексириўлер 3 есеге қысқарды.
Усы дәўирде ири салық төлеўшилердиң түсимлери 10 процентке, ўәлаят дәрежесиндеги кәрханаларда 25 процентке, район исбилерменлери төлеп атырған салықлар 40 процентке өсти.
ӨзА