Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

Быйылғы жылдың өзинде исбилерменлердиң товар айланысы өткен жылға салыстырғанда 25 процентке көбейип, 986 триллион сумға жетти.

Жыллық айланысы 10 миллиард сумнан 100 миллиард сумға шекемги болған орта кәрханалар 2 есеге көбейди.

Айланысы 100 миллиард сумнан артық ири кәрханалар болса 2 мың 200 ден асты. Бул да өткен жылға қарағанда 2 есеге көп болды.

Салық, банк, қаржы, пүткил экономика комплекси «мәҳәлле кесиминде» ҳәм «қарыйдар кесиминде» ислеўди баслағаны нәтийжесинде алдын зыян менен ислеген 16 мың кәрхана ярым жылда 6,5 триллион сум пайдаға шықты.

ӨзА