2024-2025-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына қабыллаў бойынша имтиханлар «алдын тест, кейин таңлаў» принципине муўапық өткерилди. Онда тест сынақлары усы жылы 14–25-июль күнлери өткерилди.
МҒКАда өткерилген брифингте Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги директоры мәсләҳәтшиси Зоҳид Шакаров тест сынақлары бойынша тийисли мағлыўматларды берди.
Қәнигеге бола, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына қабыллаўдың таңлаў басқышы 27-10-август күнлери өткерилди. Бул мүддет даўамында абитуриентлерге тест сынақларында топлаған балынан келип шығып, жоқары оқыў орны, билимлендириў бағдары ҳәм билимлендириў түрин таңлаў имканияты берилди.
Таңлаў нәтийжелери белгиленген мүддетте 17-август күни жәрияланды. Нәтийжелер тийкарында, 186 мың 871 абитуриент бакалавриат билимлендириў бағдарларына студентликке қабыл етилди. Соннан 41 мың 153 абитуриент мәмлекетлик грант тийкарында ҳәм 145 мың 718 абитуриент төлемли-контракт тийкарында студент болыў имканиятын қолға киргизди.
Студентликке усыныс етилгенлердиң 14 мың 230 ын жеңиллетилген қабыллаў параметрлери шеңберинде қабылланғанлар қурайды.
Жуўмақлаўшы таңлаў нәтийжелерине бола, мәмлекетлик грант тийкарында орташа өтиў балы – 121,7 ти, төлемли-контракт тийкарында орташа балы – 94,7 ни қурады. Студентликке қабыл етилгенлердиң 120 мың 845 ин усы жылдағы питкериўшилер қурайды.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА