Мойнақ районы орайындағы Мойнақ көшесиниң еки тәрепине пиядалар жолы салынып, түнги жақтыландырыў үскенелери орнатылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң республикамыз аймағындағы бир қатар инфраструктуралық объектлерди оңлаў бойынша қабыл етилген тийисли қарары тийкарында Мойнақ районы аймағындағы жергиликли әҳмийетке ийе 4н110 «Мойнақтан-Арал теӊизи пристанына шекемги» автомобиль жолыныӊ 0-2-километр аралығында капитал оңлаў жумысларын алып барыў ушын 5 млрд. сум қаржы ажыратылып, ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары күни-түни қызғын даўам етпекте.
Нәтийжеде аймақ турғынлары ушын қыйыншылық туўдырып келген автомобиль жолы машқаласы өз шешимин таппақта. Аймақ турғынларының бул ислерден миннетдаршылығы шексиз.
– Мойнақ көшеси бурынлары орайлық көше еди. Енди мине, Ҳүкимет басшыларының басламасы менен усы көше асфальтланып атыр. Көшеге жақтыландырыў шырақлары орнатылмақта. Қапталдағы үлкен көше салынғанлы берли бул көше қараўсыз қалғандай болып қалып еди. Көшемиздеги унамлы өзгерислерден бизлер оғада қуўанышлымыз, Президентимизден, Ҳүкиметимизден миннетдармыз,-дейди аймақ турғыны А.Төлегенов.
Жолларды оңлаў, абаданластырыў жумыслары қызғын даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Интервью: аймақ турғынлары Абдулла Төлегенов, Нурмухан Арзуев.