Мәмлекетимизде кең көлемде жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланған исбилерменлердиң ислери раўаж таўып, жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте.

Тақыятас районы «Найманкөл» АПЖ аймағында ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен исбилерменлик жумысларын жолға қойған жаслар көпшиликти қурайды. Солардың қатарында Президентимиздиң қарары тийкарында исбилерменлик жумысларын  кеңейтиў мақсетинде Ильяс Сейдуллаев Бизнести раўажландырыў банки тәрепинен 18 проценттен 7 жылға кредит алып, шлака блок қурылыс материалларын таярлаўда зәрүр болған әсбап-үскенелерди сатып алды ҳәм 3 жастың бәнтлигин тәмийинледи.

Нәтийжеде өндирис көлеми 1,5 есеге өсти. Исбилермен жыллық орташа дәраматты 80 миллионнан 120 миллионға жеткериўди нийет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги