Соңғы 7 жылда Қарақалпақсан Республикасында 17 триллион 800 миллиард сумлық 6 мың 784 жойбар әмелге асырылған. Олардың нәтийжесинде 56 мың жумыс орны жаратылған. Усы дәўирде 2 миллиард 815 миллион долларлық экспорт етилген. Быйыл республикада улыўма баҳасы 874 миллион долларлық 470 жойбар әмелге асырылмақта.
Бул избе-из даўам еттирилип, Қарақалпақстанда сырт ел инвесторлары ҳәм жергиликли исбилерменлер тәрепинен улыўма баҳасы 9,5 миллиард долларлық 124 жойбар қәлиплестирилген. Соннан дерлик 1 миллиард 800 миллион долларлық 10 ы мәмлекетимиз басшысына көрсетилди.
Жойбарларға Қытай, Саудия Арабстаны, Германия, Россия, Испания сыяқлы мәмлекетлер компаниялары инвестиция киргизбекте. Олар энергетика, ыссылық тәмийнаты, таў-кән ҳәм химия санааты, қурылыс материаллары, хызмет көрсетиў ҳәм басқа тармақларды қамтып алған.
Мысалы, Саудия Арабстаны менен биргеликте Нөкис қаласында орайласқан ыссылық тәмийнаты системасын жақсылаў, Испания инвестициясы қатнасыўында Қараөзек районында қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў, германиялы инвесторлар тәрепинен Нөкис районында мысты қайта ислеў ҳәм кабеллер ислеп шығарыў жойбарлары режелестирилген.
Бул 124 жойбар нәтийжесинде 20 мыңнан аслам халық жумыс пенен тәмийинленеди.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерге ҳәр тәреплеме мәдеткар болып, жойбарларды жеделлестириў, әҳмийетлилигин атап өтти.
ӨзА