Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 19-апрельдеги «Экономикада мәмлекет қатнасын қысқартыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 247 кәрханадағы мәмлекетлик акция пакети ҳәм 1 мың 28 көшпес мүлк объекти ғалабалық саўдаларға шығарылыўы, сондай-ақ, 12 ири кәрханадағы мәмлекетлик үлестиң жергиликли фонд базарында басланғыш (IPO) ҳәм (ямаса) екилемши (SPO) ғалабалық усынысы өткерилетуғыны белгиленген.

Бул қарардың мазмун-мәнисин исбилерменлер ҳәм кең жәмийетшиликке түсиндириў, оны үгит-нәсиятлаў жумысларын жеделлестириў мақсетинде Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат ҳәм Беруний районларында меншиклестирилиўи белгиленген мәмлекетлик активлер, соның ишинде, кәрханалардағы мәмлекет үлеслери, бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм сатылыўы белгиленген жер участкалары ҳаққында гезектеги «Roadshow» презентациясы өткерилди.

Бул илажларда жәми 350 ден артық исбилермен ҳәм инвесторлар, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм ири кәрханалардың ўәкиллери қатнасты.

Презентацияда шығып сөйлегенлер, кейинги жыллары мәмлекетимизде меншиклестириў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша кескин реформалар әмелге асырылып, исбилерменлер ушын бир қатар жаңалық ҳәм қолайлықлар жаратылғанлығын атап өтти. Атап айтқанда, мәмлекетлик активлер 3 айда сатылмағанда (Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайлары оған кирмейди) олардың басланғыш баҳасының 10 процентине шекем басқышпа-басқыш төменлейтуғыны белгиленди. 2024-жыл 1-январьға шекем ижара шәртанамалары тийкарында ижараға алғанынан кеминде 5 жыл болған ҳәм миннетлемелерди орынлаған исбилерменлерге меншиклестириў бағдарламаларына кирген мәмлекетлик мүлкти баҳаланған баҳада тиккелей сатып алыў ҳуқықы берилди.

Мәмлекетлик мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилген бос жер участкаларына қала ҳәм район ҳәкимликлериниң қарыздарлықлары бойынша изертлеўлер қолланылмайды, бул жер участкалары аукцион саўдаларында сатылғанда, қарыйдаларға иркинишсиз рәсмийлестирилип бериледи. Қәнигелесиўи ҳәм киши бизнес ушын  ҳәзирги шараяттан келип шығып 4 ҳәм 5 категорияларға киргизилген районларда жайласқан мәмлекетлик активлер ҳәм мүлк ҳуқықы тийкарында сатып алынған жер участкалары бойынша төлемлерди, муғдарына қарамастан, 5 жыл ишинде теңдей үлеслерде бөлип төлеў имканияты жаратылды.

Илаж қатнасыўшыларына Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасында аймақлық басқарма тәрепинен 2024-жылдың өткен дәўиринде жәми 73 мәмлекетлик актив аукцион саўдаларына шығарылған болып, 77 мәмлекетлик актив 45,1 миллиард сум баҳаға сатылыўы тәмийинленген еди. Ҳәзирги күнде улыўма баҳасы 77,2 миллиард сум болған 132 мәмлекетлик активтиң саўдасы даўам етпекте.

Илажлар соңында қатнасыўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери тәрепинен берилген бир қатар сораўларға тийисли жуўап берилди. Жергиликли исбилерменлердиң бир қатар усыныслары қабыл етилди.

Даўыт Абибуллаев, ӨзАның хабаршысы.