Мәмлекетимиз экономикасын көтериўде исбилермен ҳаял-қызлардың орны айрықша. Олар халық хожалығының түрли тараўларында өзлериниң белсендилиги менен көзге түспекте.
ӨзЛиДеп Нөкис районлық Кеңеси районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте «Исбилермен ҳаял-2024» таңлаўының районлық басқышы өткерилди. Мәҳәлле басқышында жеңимпаз болған «Қырантаў», «Бақаншақлы», «Тақыркөл», «Ақмаңғыт», «Төк таў» аўыл пуқаралар жыйынларынан исбилермен, фермер, өнермент ҳаял-қызлар қатнасып, белсендилик көрсетти.Таңлаўда «Мәжит Жүзимгүл» фермер хожалығы баслығы Ж.Бекбергенова жеңимпаз деп табылып, таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды.
Илажда таңлаў қатнасыўшылары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Бундай таңлаўлардың өткерилип барылыўы ҳаял-қызлар арасында исбилерменлик жумысларын жетилистириў ҳәм раўажландырыўға үлкен үлес қосады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги