Әмелий сапар менен Аўғанстанда болып турған Өзбекстан ҳүкиметиниң делегациясы Кабул қаласында шөлкемлестирилген Өзбекстан-Аўғанстан бизнес-форумы ҳәм «Made in Uzbekistan» көргизбесиниң рәсмий ашылыў мәресиминде қатнасты.
Көргизбениң ашылыўында Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Аўғанстан Бас министри ўазыйпасын атқарыўшы Абдул Ғани Бародар басшылығындағы еки мәмлекет ҳүкиметлериниң делегациялары қатнасты.
Бул биргеликтеги бизнес-форум ҳәм Өзбекстан өнимлери көргизбеси өз-ара саўда-экономикалық байланыслардың раўажланыўына үлкен үлес қосатуғыны атап өтилди.
«Made in Uzbekistan» елимизде жумыс алып барып атырған кәрханаларда ислеп шығарылған өнимлерди таныстырыў, экспорт шәртнамаларын дүзиў, мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын кеңейтиў ҳәм сырт ел бирге ислесиўшилери менен турақлы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыў және беккемлеў мақсетинде дүзилди.
Көргизбеде Өзбекстанда жумыс алып барып атырған кәрханалардың текстиль, былғары-аяқ кийим өнимлери, гилемлер, мийўе-овощлар, электротехника ҳәм кабель өнимлери, автомобиль ҳәм аўыл хожалығы техникасы, металлургия, нефть-химия ҳәм басқа да көплеген түрдеги өнимлери таныстырылмақта.
Буннан тысқары, көргизбе шеңберинде еки мәмлекет исбилерменлери арасында ушырасыўлар өткериў, шәртнамалар дүзиў имканияты да бар. Кабул қаласында 17-август күни басланған «Made in Uzbekistan» көргизбеси 21-августқа шекем даўам етеди.
ӨзА