Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «20-август – Исбилерменлер күни» мүнәсибети менен бир топар исбилерменлер хошаметленди.

Илажда Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ басқарма баслығы Дилмурод Ҳамраев ҳәм басқарма баслығы Казбек Артыковлар шығып сөйлеп, исбилерменлердиӊ елимиз экономикасын раўажландырыў, бизнес тараўында жаңа жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў ҳәм жаӊа жумыс орынларын жаратыў бағдарындағы нәтийжели ҳәрекетлери мақтаўға ылайық екенлигин, елимизде белсенди исбилерменлердиӊ саны жыл сайын артып атырғанлығын айрықша атап ѳтти.

Буннан соӊ, бизнес тараўында үлгили нәтийже кѳрсетип атырған бир топар исбилерменлер Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен таярланған естелик саўғалар менен сыйлықланды.

― Мәмлекетимиздеги бизнес субъектлери ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда, исбилерменлик қәбилетимизди раўажландырып, бизнес тараўының буннан былай да гүллеп-жаснаўына мүнәсип үлесимизди қосамыз. Өз гезегинде Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына байрам алдынан билдирип атырған жоқары итибары ҳәм хошамети ушын миннетдаршылығымызды билдиремиз,-дейди “SHAVKATBEK MEBEL” ЖШЖ директоры, исбилермен Мийрас Тәңирбергенов.

Исбилерменлерди хошаметлеў илажы басқарманыӊ қалалық ҳәм районлық бѳлимлеринде де даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги