Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм қалалық бөлими тәрепинен “Нөкис дийқан базары” АЖ менен биргеликте орайлық дийқан базарында арзанластырылған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Бул ярмарканы шөлкемлестириўден мақсет, халқымыз өзлерине керекли болған өнимлерди арзан баҳада сатып алыўға мүмкиншилик жаратыў болып есапланады.

– Базарда саўда ислеўшилерге ҳәм халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде жәмийетимиз тәрепинен 2024-жылдың дәслепки есап-санағы бойынша өз қаржылары есабынан биринши басқышта 3,0 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барды,-дейди “Нөкис дийқан базары” АЖ бас директорының орынбасары Байрам Абатов.

Яғный, электр тармақларын жаңалаў, киши оңлаў, канализация тармақларын жақсылаў, базардың айырым жерлерин тегислеп, жол, бетон қапламалары менен қаплаў жумыслары әмелге асырылды. Соның ишинде, баҳасы 2,7 миллиард сумнан аслам болған 3143,2 м2 майданда жаңадан саўда бастырмалары қурып питкерилди.

2024-жылдың 7 айы даўамында өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ҳәм оған байланыслы илажларға жәми 329,1 миллион сумлық қайта оңлаў, монтажлаў жумыслары алып барылды.

Булардың барлығы базарда саўда ислеўшилерге ҳәм халыққа қолайлылық жаратыў мақсетинде әмелге асырылмақта.

Республикамызға қоңсы ўәлаятлардағы аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўшы, жетистириўши кәрханалар менен шәртнамалар дүзилген ҳалда жәми 2148,3 миллион сумлық 628,5 тонна азық–аўқат өнимлери, атап айтқанда, 152,9 тонна картошка, 290,8 тонна пияз,  88,9 тонна гешир өнимлери ҳәм 53,4 тонна басқа да жәми 34 түрдеги халқымыздың биринши дәрежедеги азық-аўқат өнимлериниң резерви жаратылып, бул азық-аўқат өнимлери арнаўлы қәнигелестирилген музлатқышларда сақланып, қаламыз халқын турақлы түрде белгиленген график тийкарында арзанластырылған азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде Орайлық Дийқан базары аймағынан «Арзанластырылған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери саўда ярмаркасы» шөлкемлестирип, бул саўда ярмаркасы турақлы түрде халқымызға хызмет көрсетип келмекте.


Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы алдынан шөлкемлестирилген арзанластырылған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң ярмаркасы  базарларымызда өнимлердиң баҳасының тийкарсыз асып кетиўиниң алдын алады, деп исенемиз.

Тыныш елимизге байрамлар жарасады. Фермер ҳәм дийқан хожалықлары тәрепинен жетистирилген арзан ҳәм сапалы өнимлер менен халқымыз дастурханының толы болыўы – баслы мақсетимиз.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги