“Омбудсман мектеби” жойбары шеңбериндеги “Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери, халықты социаллық қорғаў мәселелери” атамасындағы гезектеги илаж Тақыятас районында болып өтти.

Онда Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги “Жумысқа мәрҳамат” моноорайы ҳәм  Кадастрлар палатасының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили(омбудсман)ниң Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкили Жеңис Шлымбетов Президентимиздиң басламасы менен соңғы жыллары барлық тараўлар сыяқлы мийнет қатнасықлары системасында да айтарлықтай өзгерислердиң жүз берип атырғанын, сондай-ақ инсан факторына итибар, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарының бирине айланғанлығын атап өтти. “Инсан –жәмийет–мәмлекет” принципи тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, Омбудсманның ўазыйпасы менен ўәкилликлери, хызмети ҳаққында қатнасыўшыларға түсиник берилди.

Сондай-ақ, райондағы Шамшырақ, Абат мәкан, Айдын жол мәкан пуқаралар жыйынлары турғынларына сапалы социаллық хызмет көрсетиў, халықтың жумыссыз қатламының бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке бағдарлаў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жаратылған имканиятлар менен жеңилликлер, Өзбекстан Республикасының “Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында”ғы Нызамының мазмун-мәниси бойынша түсиник берилди.

Илаж даўамында “Омбудсман көшпели қабыллаўы” шөлкемлестирилип, пуқаралар менен ашықтан-ашық сөйлесиўде келип түскен мүрәжатлерде көтерилип атырған мәселелерге итибар қаратылды. Сондай-ақ, халық тәрепинен билдирилген мәселелер, атап айтқанда, турақ жайдың кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, кәсипке  бағдарлаў, материаллық жәрдем көрсетиўге байланыслы мүрәжатлердиң орынланыўы Омбусман тәрепинен қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги