Усы жыл 15-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде жақында Президентимиздиң пәрманы ҳәм бийлиги менен сыйлықланған бир топар исбилерменлерге мәмлекетлик сыйлық ҳәм көкирек белгилерин тапсырыў мәресими болды.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығы менен исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратылып берилип атырғаны, әсиресе, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар бул бағдарда үлкен имканиятлар есигин ашып бергенлигин атап өтти. Сондай-ақ, бәршени 20 август – “Исбилерменлер күни” менен қутлықлап, республикамыздың социаллық-экономикалық турмысында исбилерменлердиң тутқан орнына кең түрде тоқтады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң “Исбилерменлер күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында республикамыздан еки исбилермен мәмлекетлик сыйлық пенен,  “Фаол тадбиркор”көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында және 6 исбилерменимиз усы көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Илажда исбилерменлерге мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм көкирек белгилери салтанатлы түрде тапсырылды. Сыйлықланғанлар атынан шығып сөйлегенлер исбилерменлерге көрсетилип атырған ғамқорлығы ҳәм берилип атырған жеңилликлер ушын Президентимизге миннетдаршылық бирдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги