НМПИ тәрепинен студентлердиң жазғы лагеринде мәдений-спорт илажлары шөлкемлестирилди

186

Алдын хабар бергенимиздей, пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Ашшыкөл аймағындағы «Қарақалпақ аўыл» дем алыў орнында Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң басламасы менен республикамыздағы жоқары оқыў орынларының студентлери арасында биринши мәрте «Студентлер жазғы лагери» шөлкемлестирилген еди.

Ҳәзирги ўақытта бул жерде республикамызда жумыс алып барып атырған барлық жоқары оқыў орынларынан 150 ге шамалас жаслар жазғы дем алыс ўақтын мазмунлы өткермекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти усы лагерьде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде бир қатар мәдений-кеўилашар, интеллектуаллық-ағартыўшылық ҳәм спорт илажларын шөлкемлестирди.

Атап айтқанда, қарақалпақ халық нақыл-мақалларынан викториналық сораўлар, «Заковат», «Эрудит-квартет» интеллектуаллық ойынлары, бадминтон, стол тенниси, арқанда секириў спорт жарыслары, психологиялық тренинглер, сүўретлеў өнери бойынша таңлаўларда жаслар өзлериниң шеберликлерин көрсетиў менен бирге өз-ара билим-көнликпе алмасты.



– Бундай илажларды өткериўден баслы мақсетимиз студент-жаслар арасында тәлим-тәрбия системасын жетилистириў болып табылады,-дейди НМПИ жаслар жетекшиси Байрамбай Гүлимбетов.

Илажда институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров  шығып сөйлеп, «Үшинши Ренессансқа қарай» принципи менен «Илимди қәдирлең, илимге умтылың!» сүрени тийкарында өткерилип атырған жазғы лагерьдиң әҳмийетин атап өтип, белсене қатнасқан барлық жасларға миннетдаршылық билдирип, диплом ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги