Альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыўды хошаметлеў мақсетинде Президент бир қатар тапсырмалар берди.
Экономикалық комплекс администрациясына халық ҳәм исбилерменлерге энергияны үнемлеў әсбаплары ҳәм қуяш панеллерин сатып алыў имканиятларын кеңейтиў тапсырылды.
Салық комитетине қуяш панелин орнатқаны ушын жер ҳәм мүлк салығы жеңиллигин қолланыўдағы шеклеўди алып таслаў ўазыйпасы қойылды.
Суйылтырылған газди халыққа жеке секторды кеңнен тартқан ҳалда жеткерип бериў мәселесин үйренип, тийисли усыныслар киргизиўге көрсетпе берилди.
ӨзА