Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор даўам етпекте.
Тийкарғы мәселеге өтиўден алдын Президент жылдың басында жаратылған халықты бәнт етиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўдың пүткиллей жаңа системасы – Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор ҳәм Ғиждуўан тәжирийбелериниң орынланыўын таллады.
Бул бойынша жақсы нәтийже көрсетип атырған районлар көп. Бирақ айырым ҳәкимлер, экономикалық комплекс басшылары бул реформаларды толық түсинип жетпей атырғаны көрсетип өтилди.
Мәселен, Уйчи тәжирийбеси тийкарында республика бойынша 500 мың жаңа жумыс орынлары жаратылды. Бирақ, 15 район ҳәм қала режеси 90 процентке жетпеген.
Ямаса, Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе 10 нан микрожойбар ислеў зәрүр. Бул арқалы республикада жәми 132 мың микрожойбар иске қосылып, 242 мың жаңа жумыс орынлары жаратылды. Бирақ 26 райондағы 46 мәҳәлледе көзабаға 1-2 микрожойбар исленгени сынға алынды.
Бир ай алдын Ғиждуўан тәжирийбеси тийкарында район ҳәкимлерине 1 мың мәҳәллени өзинде «жоқарыға өсетуғын» (вертикал) санаат имаратларын шөлкемлестириў тапсырылған еди. Бирақ, ҳеш бир район ҳәкими есап-санақ етип, неше жойбар ислеўи ҳәм қанша жумыс орнын жаратыўы бойынша режесин тастыйықлағаны жоқ.
Зарбдор тәжирийбеси бойынша басшылар орынлаў мүддети 1-октябрь, деп арқайын жүргенине қатаң наразылық билдирилди.
ӨзА