Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-август күни япон тәрепиниң басламасы менен Японияның Бас Министри Фумио Кишида менен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы Японияның қубла-шығысында күшли жер силкиниў жүз бергени ҳәм цунами жүз бериўи қәўпи бар екенинен қәўетерленгенин билдирди.
Өзбекстан Япония тәрепиниң «Орайлық Азия + Япония » биринши саммитин өткериў ҳәм Бас министр Кишиданың усы жыл 10-11-август күнлерине режелестирилген мәмлекетимизге рәсмий сапары мүддетлерин көшириў ҳаққындағы қарарын толық түсиниўин атап өтти.
Таярлық илажларын даўам еттириў ҳәм сапарын шөлкемлестириўдиң жаңа мүддетлерин дипломатиялық каналлар арқалы келисип алыўға ўәделести.
ӨзА