Гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа регион мәмлекетлери арасындағы дослық, қоңсышылық ҳәм өз-ара аңласыўды раўажландырыўдағы айрықша хызметлери ушын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Ҳүрмет белгисин салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия жетекшилерине миннетдаршылық билдирип, бул жоқары сыйлық мәмлекетлеримиздиң регионаллық бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўдеги улыўмалық жетискенликлериниң тән алыныўы екенин атап өтти.
– Сиясий ерк-ықрар ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлеримиз себепли бүгин Орайлық Азия қоңсышылық, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм турақлы раўажланыў мәканына айланбақта,-деди Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде.
Муўапықластырылған жумыс нәтийжесинде товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми бир неше есеге көбейди, кең көлемли бирге ислесиў жойбарлары әмелге асырылмақта, шегара алды саўда аймақлары, қосымша қунлы шынжырлары, заманагөй транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасы қурылмақта.
Тилеклеслик ҳәм регионаллық өзине тәнлик туйғысы күн сайын беккемленип бармақта. Ең әҳмийетлиси, бул унамлы өзгерислерди регион мәмлекетлери пуқаралары өзиниң күнделикли турмысында сезинбекте.
Халықаралық субъектликтиң беккемлениўи ҳәм регионның жоқары тартымлылығы себепли Орайлық Азия экономикалық жеделлик орайына, Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубланы байланыстырыўшы транспорт-коммуникация көпирине айланып атырғаны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы әҳмийетли баслама ҳәм қарарлардың системалы түрде әмелге асырылыўы нәтийжесинде регион еллериниң жақынласыў процеси турақлы, избе-из ҳәм артқа қайтпас түс алғанын айрықша атап өтти.
Соңында Шавкат Мирзиёев жетекшилерге жоқары сыйлық ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдирип, Орайлық Азияны тыныш аймаққа айландырыў Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы мақсети болып қалыўын атап өтти.
ӨзА