Япония Бас министри Фумио Кисида мәмлекетте жүз берген күшли жер силкиниўи себепли Орайлық Азия ҳәм Монғолияға сапарын бийкар еткенин мәлим етти. Бул ҳаққында «Kyudo News» агентлиги хабар берди.

Қазақстан пайтахты Астана қаласында «Орайлық Азия + Япония» форматында саммит өтиўи күтилип атырған еди. Әҳмийетли ушырасыўға регион жетекшилери келип болған. Кисида саммитте онлайн форматта қатнасады.

Дәректе айтылыўынша, ҳәзир мәмлекетте жер силкиниў қәўпи максимал дәрежеге жеткен. Аналитиклер Япония қубла ҳәм батыс жағалары бойлап ири силкиниўлер болыўы мүмкин екенлиги, цунами жүзеге келиўи қәўпинен ескерткен.

Мәмлекетке жақынласып киятырған айрықша жағдай болса Бас министр Фумио Кисиданы Орайлық Азияға сапарды бийкар етиўге себеп болды. Ҳәзир мәмлекет рәсмийлери сапарды   бийкарлаў ҳәм онда додаланатуғын темаларды онлайн форматқа өткериў үстинде  жумыс алып баратырғаны атап өтилди.

Фумио Кисида алдыннан жәрияланған реже тийкарында Қазақстан, Өзбекстан ҳәм Монғолияға 9-12-август күнлери мәмлекетлик сапарларын әмелге асырыў керек еди. Усы сапарларда саўда-экономикалық және бир қатар өз-ара еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери көрип шығылыўы белгиленген.

Япония метеорология агентлиги 8-август күни күшли жер силкиниўлер жүзеге келиўи мүмкин екенлиги ҳаққында билдирген. Халық үйлеринен шықпаўға ҳәм ўәлаятлар бойлап сапарға шықпаўға шақырылған.

Еслетип өтемиз, 8-август күни Япония қубласындағы Кюсю ҳәм Сикоку атаўларында еки 7 баллық жер силкиниўи бақланған еди.

ӨзА