Мүмкиншиликлерден утымлы пайдаланған исбилерменлер көбеймекте

185

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 8-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманындағы жеңилликлерден утымлы пайдаланған бир қатар исбилерменлер жаңа кәрханалардың ашылыўына ҳәм жаңа жумыс орынларының жаратылыўына ериспекте.

Тақыятас районында жумыс алып барыўшы «JAYXUN FISH PRODUCTS» ЖШЖ директоры, исбилермен Камил Ѳтеповқа да Президентимиз тәрепинен қабыл етилген усы пәрман тийкарында Тақыятас районынан жәми 31 гектар жер майданы инвестиция киргизиў шәрти менен, аукционсыз, узақ мүддетке ижара тийкарында ажыратып берилди.

Усындай жеӊилликлерден утымлы пайдаланып атырған исбилермен  бул жерде жасалма кѳл шѳлкемлестириў арқалы балықшылық тараўын раўажландырыўды ѳз алдына мақсет етти.

― Бизге ажыратып берилген 31 гектарлық жер майданына 3,7 миллиард сум муғдарында инвестиция киргизилип, 10 нан аслам жаңа жумыс орны жаратылады. Ҳәзирги ўақытта кѳлимизге Хорезм ўәлаятынан алып келинген, жәми 13 мыӊнан аслам майда шабақлар ѳршитиў ушын жиберилди. Алдағы ўақытта аймағымызда балықшылық тараўын еле де раўажландырып, сапалы балық ѳнимлери менен ишки базарларды тәмийинлеў менен бирге, қоӊсы республикаларға да экспорт етиўди режелестирип атырмыз,- дейди исбилермен Камил Ѳтепов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги