Сергеклик дәўир талабы

Жәмәәт қәўипсизлиги ҳәм жәмийетлик тәртипке қәўип салатуғын материалларды таярлаў, сақлаў, тарқатыў ҳәм көрсетиў нызам менен жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы ғалаба хабар кураллары арқалы қайта-қайта айтылып, турмыслық мысаллар менен көрсетилиўине карамастан, айырым жасларымыз арасында мине усындай қылмысты ислеп, жазаға тартылып атырғанының гүўасы болмақтамыз.
Жақында жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тарепинен ашык суд мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 244 прим 1-статьясы 3-бөлими “г” бәнтинде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп табылған шахстың қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.
2000-жылы Нөкис қаласында туўылған, мағлыўматы орта-арнаӯлы, жумыссыз пуқара өз үйинде, өзине тийисли болған уялы телефонынан “Telegramm” мессенджеринде (…..!) атлы профиль ашып, усы профил арқалы 2021-жыл 13-сентябрь күни “Haiiaka sirrun” деп аталған канал жаратып, усы каналға 2021-жыл 15-сентябрь күни диний мазмундағы 49 аудио менен 10 видео көринисиндеги материалды жайластырған. Жынаят иси бойынша тайынланған суд-психологиялық, философиялық, филологиялық ҳәм диний комплекс экспертизасының жуўмағына бола, логматистлик идеялары негизинде шақырылған нызам менен қадаған етилген mp3 форматтағы даўамлылығы 05:12 минутлы аудио файлын интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланып, өзи жаратқан каналдағы 37 виртуал ағзасына тарқатып келген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети экспертлери тәрепинен өткерилген диний-комплекс экспертизасының жуўмағы бойынша, судланыўшының қол телефонынан алынған мағлыўматлар Өзбекстан Республикасы аймағында қадағаланған догматистлик идеялары екени анықланған.
Судланыўшы судта айыбын толық мойынлап, өзи телеграмм тармағанынан пайдаланғанын, айыбында көрсетилген затларды тарқатыўға болмайтуғынлығын билмегенин, диний саўаты жоқ екенин, кеширим сорап, пушайман екенлигин билдирип, жеңиллик бериўди сорады.
Суд судланыўшының ҳәм гүўалардың көрсетпелерин, мәмлекетлик айыплаўшының ҳәм адвокаттың пикирлерин, судланыўшының қорғаў ҳәм ақырғы сөзлерин тыңлап, ис материаллары менен бирге салыстырып, тексерип шығып, ҳүким етти. Оған бола А исмли шахс Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 244 прим 1-статьясы 3-бөлиминиң «г» бәнти менен айыплы деп табылып, 3 жыл мүддетке азатлықтан шеклеў жазасы тайынланды.
Солай екен, интернет тармағындағы түрли мессенджерлер арқалы келип атырған тексерилмеген, гүман туўдырыўшы видео ҳәм аудио материалларды көриў, сақлаў ҳам тарқатыўда абайлы болың. Себеби, абайсызда судланыўшының жағдайына түсип қалмаң. Сергеклик дәўир талабы.
Махмуд БАЙНИЯЗОВ,
Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги