Усы жыл 7-август күни болып өткен халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезексиз 86-сессиясының күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда Қараөзек районы ҳәкими лаўазымына Анвар Баймуратовты тайынлаў мәселеси көрип шығылды. Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Анвар Баймуратов Қараөзек районы ҳәкими етип тайынланды.

А.Баймуратов бүгинги күнге шекем Қараөзек районы ҳәкими орынбасары – инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Усыныӊ менен халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезексиз 86-сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги