Айтылыўынша, саўғалар 12 оқыў қуралларынан ибарат – портфель, жазыў ҳәм сүўрет дәптерлери, акварель бояўлары, реңли қағаз, қәлем салатуғын пенал, ручка, реңли қәлем, әпиўайы қәлем, пластилин, желим ҳәм өширгиш топламынан ибарат.

2024-2025-оқыў жылында республикадағы 10 182 улыўма билим бериў мектебине 719 366 мектеп жасындағы балалар 1-классқа шығыўы режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытқа шекем 586 290 (81,5%) оқыўшы қабылланды.

1-классқа қабылланған оқыўшыларға 12 атамадағы (портфель, дәптер, сүўрет дәптери, акварел бояўлары, реңли қағаз, қәлем салатуғын пенал, шарикли ручка, реңли қәлем, әпиўайы қәлем, пластилин, желим, өширгиш) оқыў қуралларынан ибарат «Президент саўғасы» берилиўи нәзерде тутылған.

Бул оқыў қураллары усы жылдың 10-августына шекем аймақларға, 20-августына шекем қабылланған оқыўшылар санына сәйкес тәризде барлық мектеплерге толық жеткериледи.

Оқыўшыларды өз ўақтында оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде 1-класқа қабылланған ҳәр бир оқыўшы электрон системаға (adm.maktab.uz) киргизип барылмақта.

Жаңа оқыў жылында тийкарғы итибар билимлендириў сапасын арттырыўға қаратылады. Усы мақсетте республикадағы 500 мектепте тәжирийбе-сынақ тәризинде енгизилген Президент мектеплериниң оқытыў ҳәм баҳалаў системасы жаңа оқыў жылынан баслап қосымша тәризде және 1 000 мектепте енгизиледи.

Сондай-ақ, сырт елдеги шет тили қәнигелерин улыўма билимлендириў мектеплерине қамтып алыў даўам еттириледи. Педагоглардың кәсиплик шеберлигин арттырыў ушын «Кәсиплик раўажландырыў күни» ҳәм «Кәсиплик раўажландырыў сааты» енгизиледи.

2024-жылы Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 608 (30 жаңа мектеп қурыў, 518 ин реконструкциялаў ҳәм 60 ын ири оңлаў) мектепте қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы нәтийжесинде 180 мыңнан аслам жаңа оқыўшы орынлары жаратылады, сондай-ақ, 95 жаңа спорт залы имаратлары қурылады.

Жыл жуўмағына шекем мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 76 процентке, 6 жаслы балаларды мектепке таярлаў системасы менен қамтып алыў көрсеткишин 96 процентке жеткериў белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентилиги