Бүгин Францияның Марсель ҳәм Лион қалаларында футбол бойынша Париж Олимпиадасының ярым финал ойынлары болып өтеди.
Марсельдеги «Веладром стадион»да өткерилетуғын Испания ҳәм Марокко ойыны мәмлекетимиз ўақты менен саат 21:00 де, Франция-Египет ушырасыўы саат 00:00 де басланады.
Қуўанышлы тәрепи сонда, ярым финал шеңбериндеги Марокко— Испания ойынын өзбекстанлы төрешилер бригадасы басқарып барады.
Атап айтқанда, бас төреши Илгиз Танташевке қанатларда Андрей Цапенко ҳәм Тимур Гайнуллин жәрдем береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги