Бүгин Олимпиаданың оныншы күни өткерилмекте.

Тоғыз күни жуўмағына бола, 19 алтын, 26 гүмис ҳәм 26 қола медальларын қолға киргизген АҚШлы спортшылар улыўма командалық есапты биринши, 19 алтын, 15 гүмис, 11 қола медалына ийе қытайлы спортшылар екинши орынды ийелеп келмекте.

Күшли үшликти 12 алтын, 14 гүмис ҳәм 18 қола медалын жеңип алған Франция жуўмақлап тур.

Ал, Өзбекстан спорт делегациясы болса, усы күнге шеке 1 алтын ҳәм еки қола медалы менен

31-орынды ийелеп тур.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги