Темир жолшылардың кәсиплик байрамы мүнәсип белгиленди

Пайтахтымыздағы Темиржолшылар мәденият сарайында тараў хызметкерлериниң кәсиплик байрамына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Усы мүнәсибет пенен бул саўлатлы, пайызлы сарайға ветеран темир жолшылар, инженерлер, тараўға енди кирип киятырған жаслар мирәт етилди.
2024-жылы белгиленип атырған Өзбекстан темир жол транспорты хызметкерлери күни Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы және «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети шөлкемлестирилгениниң 30 жыллығына туўра келип турғанын атап өтиў керек. Темир жолшылардың быйылғы кәсиплик байрамы тараўда үлкен өзгерислер дәўири менен байланыслы.
Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз темир жол транспорты хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.
Байрам илажында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Очилбой Раматов, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети басқарма баслығы Зуфар Назруллаев темир жолшылар алдындағы ўазыйпалар, перспективалы жойбарлар ҳаққында айтып өтти.
Ҳақыйқатында да, ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан темир жолшылары тәрепинен 2 мың 297 километрден аслам темир жоллар қурылды. 4961,3 километр темир жоллар реконструкцияланды, 2088 километри электрлестирилди.
«Наўайы – Үшқудық – Султан Увайстаў – Нөкис», «Тошгузар – Бойсун- ҚумҚўрғон», «Ҳайратон- Мозори Шариф», «Ангрен- Поп» электрллестирилген темир жолы, «Камчиқ» темир жол туннели қурылды. «Бухара – Мискин», «Мароқанд-Қарши», «Қарши- Термиз» сыяқлы темир жол участкалары электрлестирилди.
«Ташкент –Самарқанд – Ташкент» жөнелиси бойлап жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын «Аfrosiyob» электрпоездларының қатнаўы жолға қойылды.
Өзбекстан Президентиниң басламасы менен тараў хызметкерлери тәрепинен Орайлық Азияда бирден-бир Ташкент жер үсти метрополитенине тийкар салынды.
Бүгинги күнде улыўма узунлығы 23,7 км болған, 14 бәндиргиден ибарат Ташкент қаласында жер үсти айланба метро линиясы пайтахт халқы ҳәм мийманларға сапалы хызмет көрсетпекте.
Тараў хызметкерлериниң алтаўы «Өзбекстан Қаҳраманы» деген жоқары атаққа ийе болғаны темир жоллардың раўажланыўына көрсетилип атырған үлкен итибардан дәрек береди.
Мәжилисте атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 10- октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы темир жол транспорты тараўын түпкиликли реформалаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып темир жол транспорты тараўын реформалаў, саламат бәсеки орталығын жаратыў, тараўға жеке меншик секторды кеңнен тартыў, бизнес процеслерин санластырыў, басқарыўдың заманагөй усылларын енгизиў және республиканың транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде өткен жылдың соңғы айларында тараўда түпкиликли реформалар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети ҳәм оның қурамындағы кәрханалар негизинде айрықша бағдарлар бойынша «Темиржолинфраструктура», «Темиржолкарго», «Темиржолэкспресс», «Өзтемиржолжолаўшы» акционерлик жәмийетлери ҳәм басқа да шөлкемлер шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ , балалар дем алыў орынлары, денсаўлықты сақлаў, мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт объектлерин сақлаў, халыққа көрсетилетуғын хызметлерден түсетуғын түсимлерди арттырыў және оларды басқышпа-басқыш өз-өзин қаржыландырыўға өткериў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыў бойынша «Темир жол социаллық хызметлер» мәкемеси шөлкемлестирилип, әйне ўақытта өз жумысын даўам еттирмекте.
Президентимиздиң басламасы менен ҳәзирги ўақытта темир жолшылар тек өз тараўларындағы емес, ал республикадағы ең ири жойбарлардан бири болған Қызылқум саҳрасының дәл ортасынан өткен ҳәм 2017-жылда қурылған «Бухара – Үргенч – Хийўа» темир жолын электрлестириў жумысларын ақырына жеткермекте.
Усы жөнелистиң электрлестирилиўи жақын мүддетлерде «Ташкент – Самарқанд – Наўайы – Бухара –Үргенч – Хийўа» жөнелисинде тезжүрер және жоқары тезликте ҳәрекетлениўши экологиялық қәўипсиз электропоездлардың қатнаўын жолға қойыўда баслы әҳмийетке ийе. Усы жол ушын кететуғын ўақыт, жанар май ҳәм басқа қәрежетлердиң де үнемлениўине тийкар жарататуғыны тәбийғый. Қалаберди, қоршаған орталық экологиясына да унамсыз тәсирин азайтады.
Тараў хызметкерлериниң ҳәрекети себепли жүк ҳәм жолаўшы тасыўда да қәўипсизлик толық тәмийинленип, турақлы жумыс бақланбақта.
Әҳмийетлиси, әмелге асырылып атырған жумыслар усы тараў хызметкерлериниң тынымсыз мийнети менен болмақта. Бүгин тез пәт пенен өзгерип баратырған заманда қолға киргизилген табыслар менен қанаатланып қалыўға болмайды. Және де үлкен шоққылар, ўазыйпалар, уллы жойбарлар үстинде ислеў дәўир талабы, раўажланыў кепиллиги, халқымыз турмысының абадан болыўы дегени.
– Темир жол тараўында 1985-жылдан баслап мийнет етемен, – деди «Ўзвагонтаъмир» акционерлик жәмийети Самарқанд депосының үлкен устасы, тараў ғайраткери Мансур Мавлонов. – Жумысымды темиршиликтен баслап, ҳәзирги күнде үлкен уста ўазыйпасында даўам еттирип атырман. Жүк тасыў вагонларын оңлаў менен шуғылланамыз. Жумысымыз оғада жуўапкершиликли. Тараўдың раўажланыўына қаратылып атырған итибар темир жолларды және де раўажланыдырыўға хызмет етпекте.
– 43 жылдан берли усы тараўда ислеймен, – деди «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети Экономикалық таллаў ҳәм прогнозлаў департаментиниң қәнигеси Мавжуда Нурмуҳаммедова. – Бухара, Қаршы, Ташкент темир жол узеллеринде иследим. Жолаўшы, жүк тасыў, экспорт-импорт көлемин арттырыў бағдарында салмақлы жетискенликлерге ерисилди. Ҳәзирги ўаққытта еле орынланыўы керек болған режелер, ўазыйпалар да көп.
Салтанатлы илажда тараўда көп жыллар даўамында нәтийжели мийнет еткен хызметкерлер сыйлықланды. Шығып сөйлегенлер темир жолдың раўажланыўы жолында көрестилип атырған итибар ҳәм ғамхорлық ушын мәмлекетимиз басшысына миинетдаршылық билдирди.
Салтанатлы илажда көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўындағы концерт бағдарламасы болып өтти.
Концерттен соң «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң шөлкемлестирилгениниң 30 жыллығына бағышланған фильм көрсетилди.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы