Уйытқы

431

(Гүрриң)

Күн ызғырып тур. Күшли самал менен борап қуйып турған қар кешеден берли тынар емес. Пенсиядан хабар алып келейин деп жолға шыққан Әбдиразақ ғаррының деми қысып, барып қайтаман дегенше бир неше жерде отырып демин алды. «Почта дым узақласып кеттиме я қартайдымба, бала» дейди ол үстиндеги суўықтан жуғым болмай қалған шапанын қымтап, өзинше гүбирленип.

Үсти-басын қағып, есиктен жаңа киргени де сол:

-Ата, не қылдың, алдыңба?-деген сораўы менен келини маңлайынан қақ ете қалды.

-Алдым балам, алдым.

-Әне, барғаның жақсы болды. Еки күннен берли қақсайман, өзиңе хош жақпайды. Қашшан пенсияны тарқатып атыр дегени. Ҳаў мени болса мына ун, май, гөштиң қарызы қыстап қоймай атыр. Ақлығыңыздың да контракт пулын өткериўим керек.

Келини еле сойленип жүр. Ғарры шалғышқа ораўлы пулды солайы менен келининиң қолына услатып, ишки бөлмеге кирди.

Төрде төсек тартып жатырған кемпири «келдиң бе ғарры» дегендей бир қарап қойды.

-Кемпир, жақсысаңба. Бирнеңе жедиңбе? Пенсия алдым. Сениң жақсы көретуғын ақ прайнигиң менен лимон кампиттен  алып келдим. Бир шай ишейик я,-деп ғарры хош хабары менен кемпириниң жабыққан кеўлин көтергиси келгендей болды.

Кемпириниң төсек тартып жақанына да бир жылға шамалас ўақыт болды. Әй ялғаншы-ай, «қартайсаң мендей боларсаң»,  дегениндей,   жанына батқан аўырыўдан ети кетип, қуры сүйек болып қалған Гүлжан кемпирди жаслығында боласынлы аппақ қыз болды дегенине енди ким исенеди. Туўған нәрестелери турмай, избе-из көз жума бергеннен соң мына Қәдиржанын еркелетип, «аўзына тислегендей» етип өсирди. Балам ҳеш нәрсеге мүтәж болмасын деп екеўи да атыздың қара мийнет жумысларын иследи. Өзлери жемей жегизди, киймей кийдирди. Әскерий хызметте жүрген жеринде Чернобыль апатшылығын сапластырыў ислеринде қатнасқан жалғызы жапсақлы болып қайтқанында Гүлжан уўайымм-қайғыдан жүдеп болдырды. Тез-тезден ем алғаннан соң Қәдиржанның денсаўлығы тикленип, түсип қалған шашлары да өсейин деди. Баласының тәўир болғанына қуўанған ата-ана оны үйлендирип, бар шашыўын шашып халыққа той берди. Әттең келини олардың  кеўлиндегидей болып шықпады. Дәслеп «ата, ене» деп жуўырып-жортып хызмет ететуғын келини еки балалы болғаннан соң айып ашайын деди. Әйтеўир нәрсени  себеп етип төркинине кетип қалатуғын әдетти шығарды. «Жалғызым жаўдан жаман, алғаны оннан жаман» деп келинниң көз-қарасына қарап қатнас жасайтуғын болды.

Исбилерменликтиң, жердиң тилин түсинетуғын фермердиң заманы басланса да я бала, я келини болып ҳәрекет етип, пул табыўды еслерине келтирмеди. Қәдир ҳәр жерде қол ушы талап ислеп жүргени менен ишиўшиликке берилип кетти. Келини Сәнегүл де бир мәкемеде азырақ айлық пенен  жумыс ислейди. Олардың тийкарғы күн көриси кемпир-ғаррының пенсиясы менен еди. Ишиўшиликке берилген күйеўи менен  ырыл-тырыл өткерген жылларында еки ул, еки қызлы болды. Ата-анасы олардың урысқан күнлеринде араға түсип, кешиксе күтип отырып, уйқысыз атқарған түнлер менен ўақтынан бурын қартайды. Гүлжан кемпир жапсақлығы себепли жатаққа жатып қалды. Келини менен баласы итибарсыз болса да, ақлықлары атасы менен кемпир апасына мийримли болып, әтирапында пәрмана болады. Үлкен ақлығы жоқары оқыў орнына шәртнама тийкарында оқыўға кирип  студент болды. Жалғыз баладан қайыр болмағаннан соң Әбдиразақ ғарры кемпирин ҳалы келгенинше өзи емлеткен болып еди бирақ демқыспа кеселлиги әбден диңкесин қуртты. Бир аўырыў, бир аўырыўды төркинлеп Гүлжан кемпир аяққа турып кете алмады.

-Кемпирдиң жағдайы  жақсы емес. Қаладағы шыпакерлерге көрсетип, емлеўханаға жатқармасақ болмайды,-деген атасына:

-Ақша жоқ ата, мына пенсияны котрактке төлемесек ақлығыңызды оқыўдан шығарып жибереди,-деди келини безилдеп.

Түни менен арақты ишип, азанда басы мең зең болып турған баласына бул гәп жақпады. Ақыры үлкен баласы Аманбай шыдай алмай:

-Апамды емлетемиз. Контракт пулымды ата-анам болып өзлериңиз таўып бере алмасаңыз мен атам менен апамның пенсиясына оқымайман.Олар өмир бойы мийнет етип, енди рәҳәтине қарағанда бизлер олардың пенсиясын ишип жеп, емленетуғын пулларын қағып алсақ әдилсизлик болады,-деген баласының гәпине Сәнегүлдиң қабағы қарс жаўылып , бултыйды да қалды. Бирақ кемпирди көриўге келип отырған қоңсылардың көзинше ҳеш нәрсе дей алмады.

Гүлжан кемпирди ақлығы пайтахтқа алып барды. Шыпакерлерге көрсетти. Әттең кешиккен еди. Қанша емлетсе де кемпир апасының бети берман қарамады…

Инсан бул дүньяға мийман емеспе…? Тек ғана пенсия пулы ушын өз үйлерине сыйысып отырған кемпир-ғарры изли-изинен бул дүньяна тәрк етти. Олар кеткеннен соң үлкен үй ҳүўилдеп қалды. Тез-тез келип туратуғын қоңсы-қоба , ағайинлер де есигин ашпайтуғын болды.

Шаңараққа бас болатуғын Қәдир ишиўшиликти қоя алмай ақыры аўырыўға шатылды.

Ақ пәтиясын берип, төрдиң жарасығы болып отыратуғын кемпир-ғарры үйдиң уйытқысы, берекети еди.

«Адам адамнан қутылады, бирақ пейлинен қутылмайды» дегениндей Қәдир менен Сәнегүл өз қәтешиликлерин кеш түсинди.  Әттең жақсылардың қәдирин барында  билип, жоғалтқанларымыздың орнын ҳеш нәрсе менен толтырып болмайтуғынын бәршемиз де ўақтында түсингенимизде еди.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги