Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Сыртқы базарларда талап үлкен болған, жоқары қосымша қунлы бәсекиге шыдамлы өнимлер жетистириўди тәмийинлейтуғын заманагөй ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириўге сырт елли ҳәм жергиликли инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў, сондай-ақ, Бухара ўәлаятының өндирислик және ресурс потенциалынан комплексли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, сол тийкарда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў мақсетинде:

1. Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХКның Бухара ўәлаятында «Бухара агро» еркин экономикалық зонасын (кейинги орынларда «Бухара-агро» ЕЭЗ деп аталады) 1-қосымшаға муўапық аймақлар шегаралары шеңберинде шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.

2. Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги:

Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте «Бухара-агро» ЕЭЗ қурамына киргизилетуғын жер майданларының шегаралары анық белгилениўин ҳәм жерлердиң белгиленген тәртипте ажыратылыўын тәмийинлесин;

мәпдар ведомстволар менен биргеликте алдынғы технологияларды қолланған ҳалда заманагөй ыссыханалар қурыў ушын конструкциялар ҳәм үскенелер ислеп шығарыўға қәнигелестирилген жергиликли кәрханалар шөлкемлестириў илажларын көрсин.

3. Төмендегилер «Бухара-агро» ЕЭЗның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

заманагөй ыссыхана хожалықларын, соның ишинде, гидропоника технологияларын қолланған ҳалда, кластер усылы тийкарында шөлкемлестириў ушын тиккелей сырт елли ҳәм жергиликли инвестицияларды тартыў, сондай-ақ, заманагөй энергияны үнемлейтуғын ыссыханалар қурыў ушын конструкциялар, үскенелер ҳәм басқа да комплектлеўши буйымлар ислеп шығарыўды шөлкемлестириў;

аймақтың өндирислик ҳәм ресурс потенциалынан нәтийжели пайдаланыў тийкарында аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, қайта ислеўди тереңлестириў ҳәм олардың экспорт көлемин арттырыў;

аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўдың туқымнан өнимди базарға жеткерип бериўге шекемги болған толық процесин шөлкемлестириўди хошаметлеў;

нәллерди, сондай-ақ, бирлемши туқымшылықты шөлкемлестириў ушын шараятлар жаратыў арқалы ыссыхана хожалықларын талап жоқары, мол зүрәәтлиликке ийе болған аўыл хожалығы егинлериниң туқым ҳәм нәллер менен тәмийинлеўдиң нәтийжели механизмлерин енгизиў;

 

логистика хызметлерин көрсетиўдиң заманагөй инфраструктурасын қәлиплестириў, аўыл хожалығының өндирислик субъеклерине олар тәрепинен жетистирилген өнимлер экспортын шөлкемлестириўге көмеклесиў;

ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириўде заманагөй ресурсты үнемлейтуғын технологияларды, альтернатив ыссылық энергиялардан пайдаланыўды кеңнен енгизиў;

ислеп шығарылып атырған өнимлерди стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм марковка етиў бойынша халықаралық стандартларға муўапық илимий-өндирислик орайлар шөлкемлестириў ҳәм олардың жуўмақлары халықаралық дәрежеде тән алыныўын тәмийинлеў илажларын көриў;

ыссыхана хожалықлары тараўында жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаўда, соның ишинде, олар тәрепинен «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында жумыс ислеп атырған кәрханаларда өндирислик әмелиятты өтеўге қатнасыў.

4. «Бухара-агро» ЕЭЗ қурамына киргизилген жер майданлары Бухара ўәлаяты Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары админстративлик кеңесиниң тиккелей қарамағында болатуғыны;

«Бухара-агро» ЕЭЗ ның жумыс алып барыў мүддети ол шөлкемлетирилген күннен баслап, бул мүддетти кейин ала создырыў имканияты менен 30 жылды қурайтуғыны;

«Бухара-агро» ЕЭЗның жумыс алып барыў мүддети даўамында оның аймағында айрықша салық ҳәм бажыхана режимлери әмел ететуғыны;

«Бухара-агро» ЕЭЗ қатнасыўшысы статусы Бухара ўәлаяты Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары админстративлик кеңесиниң қарары менен берилетуғыны белгилеп қойылсын.

5. Бухара ўәлаяты Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарының административлик кеңеси:

а) бир ай мүддетте «Бухара-агро» ЕЭЗ дирекциясын ҳәм оның жумысын шөлкемлестириў илажларын көрсин;

б) Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Саўда-санаат палатасы, «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХК ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте:

«Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында жойбарлар әмелге асырыў ушын исбилерменлик субъектлери тартылыўын, олар менен системалы жумыслар алып барылыўын, сондай-ақ, жойбарларды «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағына орналастырыў бойынша инвестициялық буйыртпалардың сапалы ҳәм өз ўақтында көрип шығылыўын;

исбилерменлик субъектлерине «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында әмелге асырылыўы режелестирилип атырған инвестициялық жойбарлардың бизнес-режелерин ислеп шығыўға көмеклесиўди тәмийинлесин.

6. «Бухара-агро» ЕЭЗ дирекциясы еркин экономикалық зонаның пүткил жумыс алып барыў дәўиринде тийкарғы жумыс түри бойынша салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпалар төлеўден азат етилсин.

7. «Бухара-агро» ЕЭЗ қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 26-октябрьдеги «Еркин экономикалық зоналардың жумысын жеделлестириўге ҳәм кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-4853-санлы Пәрманының 3-, 4- ҳәм 5-бәнтлериниң қағыйдалары енгизилсин.

8. «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында заманагөй ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириўге байланыслы илажларды муўапықластырыў ҳәм әмелге асырыўға көмеклесиў бойынша комиссияның қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Комиссияның (С.Холмуродов) тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер орынлаўшылардың жумысын муўапықластырыў, сондай-ақ, бул илажлардың нәтийжели, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын шөлкемлестириў;

«Бухара-агро» ЕЭЗ  аймағында әмелге асырылып атырған жойбарларды қаржыландырыў ушын сырт ел инвестицияларын, донор еллердиң, халықаралық қаржы институтларының кредитлерин ҳәм грантларын тартыў;

«Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында жойбарлар әмелге асырыў ушын сырт елли ҳәм жергиликли инвесторларды излеўге және тартыўға көмеклесиў, олар менен диалоглар алып барыў, сондай-ақ, оларға өз жумысын шөлкемлестириўге зәрүр жәрдем ҳәм көмек бериў;

9. «Бухара-агро» ЕЭЗ  аймағында әмелге асырылатуғын жойбарларды қаржыландырыў халықаралық қаржы институтлары, жойбар белсендилериниң қаржылары, соның ишинде, тиккелей инвестициялардың, сондай-ақ, коммерциялық банклердиң кредитлери ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Бунда жойбар белсендисиниң жойбарды әмелге асырыў ушын тартылып атырған өз қаржыларының муғдары тийисли жойбарлаў улыўма баҳасының 25 процентинен аз болыўы мүмкин емес.

10. «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында шөлкемлестирилген кәрханаларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2017-жыл 6-январьдағы «Азық-аўқат, тери-аяқ кийим ҳәм фармацевтика снаатында инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў дәреклерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы  ПҚ-2718-санлы қарарында белгиленген кредитлер бериў тәртиби ҳәм шәртлери енгизилетуғыны белгиленсин.

12. Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ, «Асака» АКБ ҳәм басқа да коммерциялық банклерге жойбар белсендилеринде гиреў тәмийинаты жеткиликли болмаған ямаса жоқ болған жағдайларда  оларға технологиялық үскенелерди лизинг тийкарында сатып алыў имканиятын бериў усыныс етилсин.

13. Өзбекстан Республикасы Информация технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ , «Бухара-агро» ЕЭЗ дирекциясы менен биргеликте «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағын, сондай-ақ, оның қатнасыўшылары өндирис майданларын сыртқы жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен кепилликли тәмийинлесин.

14. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги:

Қурылыс министрлиги, Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги, Информация технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте үш ай мүддетте «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында транспорт, өндирис ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жедел раўажландырыў бағдарламасын тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте ҳәр жылы Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы параметрлерин қәлиплестириўде «Бухара-агро» ЕЭЗның белгиленген тәртипте тастыйықланған бас режеси тийкарында транспорт, өндирис ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў ушын капитал қойылмалардың лимитлерин және зәрүр орайластырылған инвестициялар ажыратылыўын нәзерде тутсын.

15 Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги ҳәм Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң:

Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясын «Бухара-агро» ЕЭЗның бас режесин ислеп шығыў, сондай-ақ, жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын қурыў және реконструкциялаў бойынша буйыртпашы етип;

«Қишлоқ қурилиш лойиҳа» ЖШЖны «Бухара-агро» ЕЭЗның бас режесин ислеп шығыў бойынша бас жойбарлаўшөлкеми етип белгилеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

16. Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжинеринг компаниясы «Қишлоқ қурилиш лойиҳа» ЖШЖ менен биргеликте еки ай мүддетте «Бухара-агро» ЕЭЗның бас режесиниң жойбары ислеп шығылыўын және Бухара ўәлаяты Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары административлик кеңеси менен келисе отырып белгиленген тәртипте тастыйықлаў ушын киргизилиўин тәмийинлесин.

17. Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, Мәмлекетлик бажыхана комитети Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Бухара-агро» ЕЭЗ қатнасыўшыларына өз ўақтында ҳәм сапалы хызмет көрсетиў ушын логистика орайларын және бажыхана постларын қурыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

18. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:

Өзбекстан Республикасының Туркия Республикасы, Корея Республикасы, Германия Федеративлик Республикасы, Испания Патшалығы, Израил мәмлекети, Россия Федерациясы, Қытай Халық Республикасындағы елшиханалар және республиканың сырт еллердеги басқа да дипломатиялық ўәкилханаларына «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында жойбарлар, соның ишинде, заманагөй энергияны үнемлейтуғын ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириў бойынша жойбарлар әмелге асырыў ушын сырт елли инвесторлар, сондай-ақ, сырт елли кредит линияларын тартыўға көмеклесиў миннетлемесин жүклесин;

Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң буйыртпаларына бола «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында жаратылатуғын заманагөй ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириў бойынша жумысқа тартылатуғын сырт елли қәнигелер ушын кириў визалары косуллық және басқа да жыйымлар өндирилместен, белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.

19. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң буйыртпаларына бола «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында жаратылатуғын заманагөй ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириў бойынша жумысқа қабыл етилетуғын сырт елли қәнигелерге мәмлекетлик бажылар өндирилмей көп мәртелик визалар берилиўин ҳәм создырылыўын, сондай-ақ, олардың жасаў орнында ўақтынша дизимнен өтиўи және ўақтынша дизимнен өтиўи создырылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.

20. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң буйыртпаларына бола «Бухара-агро» ЕЭЗ аймағында шөлкемлестирилетуғын кәрханаларда, соның ишинде, ыссыхана хожалықларында ислеў мақсетинде республикаға сырт елли қәнигелерди тартыў ушын белгиленген тәртипте руқсатнамалар берилиўин (мүддети создырылыўын), сондай-ақ, оларға Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў ҳуқықына тастыйықнамалар берилиўин (мүддети создырылыўын) тәмийинлесин.

21. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:

а) Илимлер академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги, «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХК, «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» АЖ менен биргеликте еки ай мүддетте заманагөй энергияны үнемлейтуғын ыссыхана комплекслерин (ыссыханаларды) олар жайласқан аймақтың (орынның) өзине тән өзгешеликлеринен, ыссыхананың қәнигелесиўине және ыссыхана хожалығының нәтийжелилигине тәсир етиўши басқа да факторлардан келип шыққан ҳалда, оптимал шараятларда шөлкемлестириў бойынша усыныслар ислеп шықсын;

б); Илимлер академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университети менен биргеликте:

бир ай мүддетте ыссыхана хожалықлары басшылары ҳәм қәнигелери ушын ыссыхана хожалықларын басқарыў, соның ишинде, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў және экспорт етиў мәселелери бойынша дүрким оқыў семинарларды шөлкемлестирсин;

заманагөй ыссыхана хожалықларын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў тараўындағы илимий-изертлеў жумысларын және инновациялық исленбелерди хошаметлеў, сондай-ақ, сырт еллердиң бул бағдардағы алдынғы тәжирийбеси тийкарында қәнигелердиң маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў илажларын көрсин.

22. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан нефть өнимлерин ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Электр энергетикада қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте ыссыхана хожалықларында энергия ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин ҳәм ақылға муўапықлығын үйрениў мақсетинде оларды орнына шыққан ҳалда ўәлаятлар ҳәм районлар (қалалар) кесиминде ҳәр тәреплеме инвентаризациядан өткерсин, оның нәтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усы бағдардағы жумысларды жетилистириў бойынша усыныслар менен бирге есабат киргизсин.

23. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

24. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары С.Р.Холмуродовқа, З.Т.Мирзаевқа ҳәм Бухара ўәлаяты ҳәкими Ў.И.Барноевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 10-июль