Пиллекешлер ушын оқыў-семинары өткерилди

278

Төрткүл районындағы  “Тозабоғёп” аўыл пуқаралар жыйынында лидер агроном ҳаял-қызлар, пиллекешлер ҳәм пилле бағыў тилегинде болған ҳаял-қызлардың қәнигелигин арттырыў, алдыңғы технологияларды өзлестириўге бағышланған оқыў-семинары болып өтти.

Семинарда шығып сөйлегенлер тараўдағы соңғы жаңалықлар, пиллешиликтен алынатуғын дәрамат бойынша кең түрде түсиник берилди. Қатнасыўшылар бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден тийисли жуўап алды.

Илаж даўамында  пилледен таярланған өнимлердиң көргизбеси  болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги