Өзбекстан Татарстан менен электропоезд ҳәм метро вагонларын ислеп шығарыўы мүмкин

167

Өзбекстан Татарстан менен биргеликте электропоездлар, жолаўшы ҳәм метро вагонларын ислеп шығарыў мәселесин додалады. Бул ҳаққында Транспорт министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.

Атап өтилгениндей, Илҳам Маҳкамов Татарстан бас министри орынбасары, санаат ҳәм саўда министри Олег Коробченко басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасты.

«Ушырасыўда транспорт машина қурылысын раўажландырыў бағдарында бирге ислесиўдеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, өз-ара бирге ислесиўде электропоездлар, жолаўшы ҳәм метро вагонларын ислеп шығарыў бойынша қуўатлылықларды жаратыў бойынша пикир алысты», делинеди хабарда.

Сондай-ақ, өндирис процесслерин терең локализациялаў менен байланыслы тәреплери де көрип шығылды. Ушырасыў жуўмағында тәреплер перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге келисип алды,-деп жазады xs.uz сайтында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги