Усы жыл 29-июль күни Нөкис қаласының орайындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында “Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги” жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, кубок жарысларында жеңимпаз болған командалар ҳәм спортшыларды бүгинги жеңиси менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында спортты раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм жасларға жаратылған кең имканиятлар бүгинги күнде олардың арасынан озық-ойлы, елимиз раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосатуғын ҳәм мәмлекетимиз байрағын дүньяға танытатуғын спортшылардың жетилисип шығыўына тийкар болмақта. Пуқаралар жыйынларынан басланған жарыс секторлар, қала ҳәм районларға шекем кирип барып, өзине 40 мыңнан аслам жасты қамтып алды.
Бир нешше күн даўам еткен жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазлары анықланды. Футбол бойынша Әмиўдәрья районындағы Толқын аўыл пуқаралар жыйыны командасы биринши, Шоманай районындағы Тазабазар мәкан пуқаралар жыйыны командасы екинши, Қоңырат районындағы Елабад посёлкалық пуқаралар жыйыны командасы үшинши, мини футбол бойынша ер балалар арасында бирнши орынды Нөкис районындағы Шортанбай аўыл пуқаралар жыйыны, екинши орынды Нөкис қаласындағы Темир жол мәкан пуқаралар жыйыны, үшинши орынды Қоңырат районындағы Гүлабад аўыл пуқаралар жыйыны командалары ийелеген болса, қызлар арасында Әмиўдәрья районы 2-сектор аймағындағы Халимбег аўыл пуқаралар жыйыны командасы биринши, Мойнақ районындағы 4-сектор командасы екинши, Шоманай районы 3-сектор аймағындағы Моншақлы аўыл пуқаралар жыйыны командасы үшинши орынларды ийеледи.
Илажда жеңимпазлар, соның менен бирге сыйлы орынларды ийелеген командалар кубок, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Салтанатлы мәресим көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.