2024-2025-оқыў жылынан баслап республика мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында бакалавриат билимлендириў бағдарлары (магистратура қәнигеликлери) бойынша бир студентти төлемли-контракт түринде бир жыллық оқытыў баҳасының муғдарлары тастыйықланды. Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги хабар берди.

Оған бола, финанслық еркинлик берилген мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары белгиленген тәртипке муўапық 2024-2025-оқыў жылында қабыл етилген студентлер ушын төлемли-контракт муғдарларын еркин белгилеў ҳуқықына ийе.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги