Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеӊеси тәрепинен Тақыятас районында ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге қаратылған “Саламат ана-саламат шаңарақ” жойбары көлеминде ҳаял-қызлар арасында волейбол бойынша жарыс өткерилди.

Илажда Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Махмуд Есенгелдиев бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, ҳаял-қызларға жаратылған мүмкиншиликлер, олардың саламатлығын беккемлеў, жәмийетте саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бағдарында партия тәрепинен исленип атырған жумысларға тоқтап өтти. Бул жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, ҳаял-кызлар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў, олардың саламатлығын беккемлеўде спорттың тутқан орны ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаў,  олардың бос ўакытларын мазмунлы өткериў, жәмийетте ҳаял-қызлардыӊ белсендилигин арттырыўға жәрдем бериўден ибарат.

Жарыста Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Тақыятас районлық кеңесиниң “ГРЭС 1-байланыс бөлими” басланғыш партия шөлкеми ҳаял-қызларынан ибарат командалар өз-ара беллести. Қызғын беллесиўлер менен өткен жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм партияның естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.