Хабарыӊыз бар, усы жылдыӊ 11-14-июль күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ  Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында исбилерменлер делегациясы Россия Федерациясында бизнес сапарында болып, россиялы исбилерменлер менен бирге ислесиў бойынша сѳйлесиўлер алып барған еди.

Бул илаж Қарақалпақстанныӊ инвестиция орталығын жақсылаў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм Россия менен саўда байланысларын еле де беккемлеўге тийкар жаратпақта.

– Еӊ әҳмийетлиси сонда, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артыков ҳәм Россия Федерациясы Саўда-санаат палатасының «Ульяновск областы Саўда-санаат палатасы» аўқамы баслығының орынбасары Димитрий Кумунджиев ҳәм Санаатты раўажландырыў орайының бас директоры Андрей Безбородовлар менен бирге ислесиў бойынша меморандумларға қол қойылды,-дейди Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова.

Буннан тысқары, басқарма баслығы К.Артыков Башқуртстан Республикасы Саўда-санаат палатасының директоры Елена Гайдерова менен бирге ислесиў бағдарында сөйлесиўлер алып барды.

Сәўбетлесиў даўамында Елена Гайдерова жақын күнлерде Башқуртстанлы исбилерменлер делегациясы менен Қарақалпақстан Республикасында бизнес форум шөлкемлестириў ҳәм бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойыў бағдарында өз пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.