Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Байрамбай Отемуратов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Батырбек Қайыпбергеновлардың басшылығындағы жоқары оқыў орынлары басшыларынан ибарат делегация ағзалары ҳәзирги ўақытта әмелий сапар менен Россия Федерациясы Татарстан Республикасында болып турыпты.

Делегация ағзалары сапар шеңберинде Елабуга районында жайласқан санаат өндириси типиндеги «Алабуга» арнаўлы экономикалық зонасына барып, ол жердеги шараятлар, әсиресе, оқыў ҳәм әмелият процесин биргеликте жолға қойыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

– Арнаўлы экономикалық зонада жылына ең жоқары тәжирийбеге ийе болған 10 мың жумысшы таярлап шығаратуғын, өндирислик робототехника, химиялық лабораториялық анализ, BIM-жойбарлаў, электротехника, микроэлектроника, халықаралық педагогика, юриспруденция ҳәм усы сыяқлы 20 ға шамалас бағдарлар бойынша жаслардың билим ҳәм әмелий көнликпелерин жетилистириўге, соның менен бирге, өз жойбарларын әмелге асырыўға бағдарланған «Alabuga International School», «Алабуга Политех» халықаралық билимлендириў орайларының жумыслары делегация ағзаларында үлкен қызығыўшылық оятпақта,-дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының баспасөз хаткери И.Мәтеков.

Әмелий сапардан гөзленген тийкарғы мақсет Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары менен халықаралық бирге ислесиў жумысларын жетилистириў ҳәм жаңа бағдарлар бойынша нәтийжели еки тәреплеме байланыслар орнатыўдан ибарат.

Өз-ара пайдалы ушырасыўлар, пикир алысыўлар ҳәм сөйлесиўлер даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.